22.12.2024, Екшемби

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-августтағы "Лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын түп-тийкарынан жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында"ғы ПП-6044-санлы Пәрманына муўапық 2021-жыл 1-январдан баслап жүклерди транспорт қуралында қала, қала әтирапы ҳәмде қалалар аралық тасыў хызмет түрлерин лицензиялаў, сондай-ақ, транспорт қуралында жолаўшыларды тасыў тараўындағы 9 хызмет түри бирлестириў жолы менен бийкар етилмекте. Нәтийжеде хызмет түрлери 15 тен 6 ға қысқартылмақта.

Жоқарыдағыларды инабатқа алған ҳалда Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде хәкимшилик регламент тийкарында жаратылған электрон лицензиялаў дәстүрине тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилиўи мүнәсибети менен усы ҳәпте даўамында профилактика жумысларын алып барыў мақсетинде бираз үзилислер болыўы мүмкинлигин мәлим етип билдиремиз.

ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети