Тахтакөпир районы Дəўир АПЖ турғыны Сердалиева Марьяш турақ
жайының насаз жағдайда екенлиги бойынша район ҳəкимлигине мүрəжат еткен.
Пуқараның мүрəжаты үйренип шығылғанда Сердалиева Марьяш Дəўир АПЖ, Қырққыз
көшесиндеги үйинде көп ўақыттан берли жасамағанлығы, бүгинги күнге шекем пуқара
Сердалиева Марьяш Дослық гүзары бойындағы көп қабатлы турақ жайдағы үйинде
жасап келгенлиги анықланды.
Район ҳəкимлиги тəрепинен пуқараның мүрəжаты қанаатландырылып Дəўир АПЖ, Қырққыз көшесиндеги турақ жайы бузып жаңадан қурып берилди.