Пресс-конференцияныӊ мақсети Қаракалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи тәрепинен 2020-жылы әмелге асырылған ис-илажлар ҳаққында, сондай-ақ, музейге тайынланған музейдиӊ жаӊа директорын жәмийетшиликке танысырыўдан ибарат.
Қаракалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы
мәмлекетлик көркем-өнер музейи 2020-жыл даўамында көплеген ис-илажлар әмелге
асырылды. Атап айтқанда, 2020 жыл даўамында Қаракалпақстан Республикасы
И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи тәрепинен 8 илаж ҳәм 12
көргизбе шөлкемлестирилип, олардыӊ 8 онлайн форматта шөлкемлестирилди.
Музейимизге 2020-жыл
даўамында жәми 18539 мийман келген
болса, солардыӊ 10942 си 18 жасқа шекемги балаларды қурайды ҳәм 383 шет елли
мийманлар музейимизди тамашалаған.
Музей тарийхы ҳәм топламы менен кеӊ жамийетшиликти,
тийкарынан жасларды таныстырыў мақсетинде музей илмий хызметкерлери тәрепинен
орта ҳәм жоқары оқыў орынларында жыл даўамында арнаўлы лекциялар шөлкемлестириў жолға қойылған. 2020-жыл
даўамында музей илмий хызметкерлери тәрепинен 109 лекция оқылды.
Сол менен бир қатарда музей илмий хызметкерлери
тәрепинен музей коллекциясы, тарийхы, археология ҳәм этнография фондларында
сақланып атырған буйымлары ҳаққында, сондай-ақ,
художниклердиӊ өмири ҳәм дөретиўшилгин өзинде сәўлелендирген 38 мақала республикалық ҳәм сырт еллерде
шығатуғын газета ҳәм журналларда баспадан шықты. Музей илмий хызметкери В. Кимниӊ Россия Федерациясында баспадан шығатуғын “Мир музея” журналыныӊ
март айындағы санында “Есть такой музей” атлы мақаласы, археология бөлими илмий хызметкери Г.Акимниязованыӊ
2020 жыл июнь айында Чехия
мамлекетинде өткерилген “Европа, илим
ҳәм биз” атлы илмий-әмелий конференцияда өзиниӊ
«Методы реставрации стеклянных артефактов в полевых условиях» атлы
мақаласы менен қатнасып халқаралық сертификат пенен сыйлыкланды, сондай-ақ, 1976-жылдан бери Францияда
баспадан шығатуғын “GЕО” журналыныӊ
октябрь айындағы санында Қаракалпақстан
Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи хаққында
“Нөкистеги қадағанланған көркем-өнер топламы” атлы мақалаларды айрықша атап
өтсек болады.