Халқымызда «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек» деген нақыл бар. Бул нақылды биз дерлик ҳәр күни еситемиз. Гейде жанымыздағы досларымызға да айтып қоямыз. Бирақ, өзиңизге сораў берип көрдиңиз бе? Соңғы мәрте қашан, кимге саўап ис қылдыңыз? Еситкен рахметлериңизди еслей аласыз ба? Саўап ислер тек мүтәжлерге жәрдем берип қоймастан, саўап ис қылған инсанның да кеўил-кейпиятын көтереди. Және де қайырлы ислерге қол урыўға ийтермелейди.
Мине елимизге жаңа 2021-жыл есик қағып кирип келди. Елимизде елеге шекем
байрам кейпияты ҳүким сүрмекте. Байрам болса саўғаларсыз болмайды. Саўғалар
ишинде ең жақсы саўға – итибар, шийрин сөз ҳәм ғамхорлық.
Мине усындай әжайып саўғаларды теңлеслерине инам етиў мақсетинде университеттиң белсенди студентлериниң басламасы менен әжайып қайырқомлық акциясына қол урылды. Университеттиң жаслар аўқамы волонтёрлары ҳәм жаслар аўқамы жетекшилери барлық факультетлерге қайырқомлық қутышаларын қойып, ондағы жыйналған қаржыларды университеттиң жетим, шын жетим, социаллық жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген шаңарақ студентлерине байрам саўғасы ретинде тапсырыўды нийет етти. Бир ай даўамында усы қайырқомлық қутышаларына жәми 11 311 000 сўм жыйналды. Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен жәрдемге мүтәж студентлер үйренип шығылды топланған жәрдем пуллары байрам алдынан университет студентлери атынан жаңа жыл саўғасы ретинде өз ийелерине жеткерилди.