Елимиздеги карантин дәўиринде социаллық қорғаўға мүтәж болған шаңарақларға жәрдем ҳәр қашанғыдан да зәрүрирек болды. Өйткени карантин себепли көпшилик кәрханалар, исбилерменлер өз жумысын ўақытша тоқтатыўға мәжбүр болды.
Деген менен кеңпейил халқымыз бирин-бири жалғыз таслап қоймай аўызбиршилик пенен бул қыйыншылықты да жеңиўге еристи.
«Ата мәкан» МПЖ турғыны Илхамбек Нийетуллаевтың шаңарағы пандемия себепли дәраматсыз қалғаны бир тәреп болса екиинши тәрептен турақ жайының насаз ҳалға келип қалыўыда сол дәўирге туўра келди.
Бирақта 2-сектордың жәрдеми менен пуқараның турақ жайы жаңадан қайта тикленди. Ал, Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен Илхамбек Нийетуллаев жумыс пенен тәмийинленди.
Қыйыншылыққа дус келген ўақта жәрдем қолын созыў еле жас болған Илхамбектиң өзине исенимин арттырғаны сөзсиз.
ҚР
Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети