22.12.2024, Екшемби

Денсаўлықты сақлаў министрлигине өкпениң жасалма вентиляция (ИВЛ) аппаратлары саўға етилди

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў Бағдарламасы Қарақалпақстанға коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўде жәрдем бериўди даўам еттирмекте. Бүгин Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған UNFPA менен «Арал теңизи регионындағы жергиликли жәмәәтлердиң қоршаған орталыққа, экономикалық қыйыншылықларға, сондай-ақ, халық саламатлығы мәселелерине шыдамлылығын күшейтиў» қоспа бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде алты дана өкпениң жасалма вентиляция үскенеси берилди.

 

Керекли медициналық әсбап-үскенелер ҳәм материаллар менен тәмийинлеў арқалы денсаўлықты сақлаў системасына тез медициналық жәрдем қоспа бағдарламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги арасындағы бирге ислесиўдиң ажыралмас бөлеги есапланады. Пандемия ўақтында бул бирге ислесиў өзара тәсирдиң жаңа векторына ийе болды.

 Үскенелер Республикалық онкология диспансери ҳәм Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалына бериледи.

 БМШ РБ Өзбекстанға COVID-19 тарқалыўын азайтыў ҳәм оның әззи қатламларға тәсирин кемейтиў бойынша жәрдемин даўам еттирмекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги