22.12.2024, Екшемби

ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТЫНДА БИР ҚАТАР ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕП БЕРИЛДИ

Дүньяның раўажланған көпшилик мәмлекетлеринде мәмлекет басшысының миллий парламент ағзалары алдында ең тийкарғы ҳәм актуал сиясий, социал-экономикалық мәселелер ҳәм жәмийетти демократиялық раўажландырыў бойынша Мүрәжат пенен шығыў тәжирийбеси бар. Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 22-декабрь күни мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте Олий Мажлиске Мүрәжат еткен еди. Соннан бери ҳәр жылы Президентимиздиң Парламентке Мүрәжаты дәстүрге айланды. Мине бүгин де бәршемиз мәмлекетимиз басшысының Мүрәжатын үлкен қызығыўшылық пенен тыңладық.


Президентимиздиң Мүрәжаты халқымызда ертеңги күнге исеним сезимин және де беккемледи, бәршемизди ийгиликли мақсетлер жолында пидайылыққа, өз ўазыйпамызға және де жуўапкершилик пенен қатнаста болыўға үндеди, десек, қәтелеспеген боламыз. Өйткени, усы Мүрәжатта мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўында әмелге асырылатуғын ең тийкарғы мақсет-ўазыйпалар, анық усыныс ҳәм де басламалар алға сүрилди. Соның ишинде, Парламент, депутатлар ҳәм сиясий партиялардың жумысларын жаңа басқышқа алып шығыў кереклиги ҳәм де алдымызда турған актуал мәселелер бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Мүрәжатта атап өтилгениндей “Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў” Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық, жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша барлық тараўларда реформаларды избе-излик пенен даўам еттирилди. Әсиресе 2020-жыл халықты социаллық жақтан қорғаў бойынша түптен бурылыс жылы болды, десек қәте болмайды деп атап өтти Президентимиз.

Яғный келеси жылы бюджеттен 900 толық жетим жасларды турақ жай менен тәмийинлеўге 50 миллиард сум ажыратылады. Бул бағдардағы жумысларды изшиллик пенен даўам еттириў ушын Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры шөлкемлестирилип, оған бюджеттен 100 миллиард сум ажыратыў көзде тутылмақта. Соның менен бирге бул қаржылар жыл даўамында көбейтип барылыўы белгиленбекте.

Мүрәжатта көп тараўлар қатарында туризмди раўажландырыў, бул бойынша бар имканиятлардан ақылға муўапық пайдаланыў ҳаққындағы пикирлер бизди бийпарық қалдырмады, әлбетте.

Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, Коронавирус пандемияси жәмийеттиң барлық тараўларына, соның ишинде, туризм тараўына да унамсыз тәсир етти. Соңғы жыллары тез пәтлер менен раўажланып атырған туризм тараўы үл кен зыян көрди.

Бүгинги Мүрәжатта атап өтилгениндей, туризм объектлери әтирапындағы жер майданлары, суў ҳәм жол инфраструктуларын жақсылаў ушын бюджеттен 1  триллион сўм ажыратылады. Демек туризм - мәмлекетимиз экономикасын және де жоқары көтериўде айрықша орынға ийе болады.

Соның менен бирге Презизентимиз елимиздеги 7 мыңнан зыят мәдений мийрас объектин асырап-абайлаў кереклиги, оларға зыян келтирмеў, бул бойынша Мәденият министрлиги, жергиликли ҳәкимликлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм кең жәмийетшилик бирге жумыс алып барыўы кереклигин айрықша атап өтти.

Мүрәжатта көплеген мәселелерди шешиўде депутатлар ҳәм сиясий партияларға да бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди. Атап айтқанда Депутат ҳәм сенаторлар өзлери сайланған аймақлардағы машқалалар, тийисли министрлик ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен қай дәрежеде шешилип атырғанын турақлы түрде үйренип, қадағалап барыўы керек – деди Президент. Сондай-ақ коррупцияға қарсы гүресиўде бир қатар мәкеме ҳәм шөлкемлер, кең жәмийетшилик қатарында сиясий партиялар да белсендилик көрсетиў кереклиги айрықша атап өтилди.

Президентимиздиң Мүрәжатын оқып-үйрениў, кең үгит-нәсиятлаў, онда алға сүрилген усыныс ҳәм идеяларды турмысқа енгизиўде сиясий партиялар, атап айтқанда, Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы шөлкемлери ҳәм де депутатлық бирлеспелери белсене қатнасыўы керек.

Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимиз турмысында тарийхый ўақыя болған Президентимиз Мүрәжаты бәршемизге жаңа күш-ғайрат, келешекке беккем исеним, жоқары шеклерди гөзлеп ҳәрекет етиў кереклигин аңлатты. Әҳмийетлиси, Президентимиз атап өткениндей, қанчама қыйын болмасын, демократиялық реформалар жолынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз. Сонда гөзленген барлық мақсетлерге, әлбетте, ерисемиз.

 

Тажибай Романов

ӨзМТДП ҚР Кеңеси баслығы,

Жоқарғы Кеңестеги ӨзМТДП