22.12.2024, Екшемби

Тәбийғый газден пайдаланыўшы тутыныўшылардың дыққатына!

Бүгин 2020 жылы 28-декабрь күни саат 15:00 лер шамасында «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы ҳәм «Нөкисшахаргаз» газ тәмийнаты бөлиминиң диспечерлик хызметине Нөкис қаласы пухараларынан ийис гази бойынша 180 нен аслам телефон қоныраўлары болды.

 

Тараў қәнигелери бул мәселени үйренип көргенинде Нөкис қаласына газ бөлистирип турған Нөкис-2 станциясында «Ургенчтрансгаз» магистрал газ тармақлары басқармасы арқалы газ бөлистириўши станцияларға жиберилип турған тәбийғый газ қурамына қосылатуғын «Адарант» суйықлығының муғдары «Ургенчтрансгаз» магистрал газ тармақлары басқармасы тәрепинен көп муғдарда қосқанлығы анықланды. Бул жағдай саат 18:30 да сапластырылды.

 

Тәбийғый газ тутыныўшылары, тәбийғый газден пайдаланғанда қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиўиңизди сораймыз.

 

«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы мәлимлеме хызмети