Усы жыл 28-декабрь күни Нөкисте
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти.
Видеобайланыс тәризинде өткен сессияға ҳүкимет ағзалары,
секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери,
сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қала ҳәм район студияларында
қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының
орынбасары А.Давлетов басқарып барды.
Атап өтилгениндей, сессияда көрип
шығылатуғын әҳмийетли мәселелердиң бири –бул 2021-жылдың бюджети есапланады.
Президентимиз тәрепинен жаратылып берилген имканиятлардың нәтийжесинде быйылғы
жылы Бюджет прогнозларының артықша орынланған бөлеги аймақлардың ықтыярында
қалдырылып, бул қаржылар биринши гезекте пандемия дәўиринде халықтың
денсаўлығын сақлаў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, кем
тәмийинленген, аўыр турмыс шараятындағы, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларды,
сондай-ақ, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, «Темир дәптер»,
«Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға материаллық
жәрдем көрсетиўге жумсалмақта. Сондай-ақ, ата-анасынан айрылған, бағыўшысын
жоғалтқан студентлерге, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жоқары оқыў
орынларында оқып атырған презентлериниң бир жыллық шәртнама төлемлерин төлеп
бериўге, мектеп-интернатлары, ҳаяллар ҳәм ерлер «Мүриўбет үйи»лериндеги
пуқаралар ушын түрли зәрүрли әнжамлар сатып алыўға, жаңадан социаллық тараў
объектлерин қурыў, барларын оңлаў ҳәм олардың материаллық-техникалық базаларын
беккемлеў, жолларды оңлаў, көшелерди жақтыландырыў, ишимлик суўы тармақларын
жаңалаў, ең аўыр аймақларды абаданластырыў сыяқлы кең көлемли жумысларға
сарпланбақта.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасының 2021-жылдағы Бюджетин
тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе бойынша Қаржы министри М.Содиқов баянат жасады.
Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў
министри М.Қурбанов, Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм
инвестициялар мәселелери бойынша комитети баслығының орынбасары, депутат
О.Бекбергеновлар шығып сөйледи ҳәм депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги «Қарақалпақстан Республикасының айырым
Нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан
Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы
З.Реймова баянат жасады. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы
пуқаралық ислер бойынша судының баслығы К.Тарихов шығып сөйледи ҳәм тийисли
қарар қабыл етилди.
Сессияда, Мәлимлеме
технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен 2020-жыл даўамында
әмелге асырылған жумысларының есабаты ҳаққындағы мәселе бойынша аймақлық
басқарма баслығы Т.Баекеевтиң мәлимлемеси тыңланды. Депутатлар бул мәселе
бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги «Аймаққа коронавирус инфекциясы кирип келиўиниң
алдын алыў, халықтың арасында саламат турмыс тәризин кеңнен
үгит-нәсиятлаў, санитария ҳәм гигиена қағыйдаларына әмел етиў бойынша көрилип
атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы
басқармасының баслығы Б.Қутлымуратовтың есабаты тыңланды ҳәм тийисли қарар
қабыл етилди.
Сессияда белгилеп алынған 5 әҳмийетли баслама шеңберинде әмелге
асырылған жумыслар және орынларда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге
асырылған жумыслар туўралы «Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық
раўажландырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы сектор басшыларының
есабатлары ҳаққында»ғы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Салық
басқармасының баслығы, 4-сектор басшысы Х.Бекчановтың есабаты тыңланды.
Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл
5-декабрьдеги «ҚарақалпақстанРеспубликасында суў ресурсларынан нәжийжели
пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктирип
болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарарының нәтийжели пайдаланыўы ҳәм
орынланыўына байланыслы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Суў хожалығы
министри Ж.Узақовтың есабаты тыңланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда «2020-жылдың екинши ярымында орынларда норма
дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққында»ғы мәселе
бойынша республика Әдиллик министри С.Мамбетқадировтың баянаты тыңланды.
Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Буннан кейин «Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўы ҳәм
ақаба суў системасын жақсылаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы мәселе
туўралы «Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы
А.Қудайназаровтың есабаты тыңланды. Бул бойынша депутат З.Керимзатов шығып
сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар
аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги
М.Ҳабибуллаевтың
түсирген сүўретлери