Президент
Шавкат Мирзиёевтиң бир қатар пəрманларына муўапық, ғəрезсизлигимиздиң 29
жыллығы қарсаңында бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар, орден ҳəм
медаллар менен сыйлықланған
еди.
Бүгин
28-декабрь күни Көксарайда сыйлықларды тапсырыў мəресими болды.
Мəмлекетимиз басшысы сыйлықланғанларды қутлықлап, оларға
өзиниң жоқары ҳүрметин билдирди.
-Биз
кейинги жылларда жақсы дəстүрди жолға қойып, ўатанласларымызға сыйлықларды
байрам күнинде тапсырып киятырған едик. Бирақта. Быйылғы пандемия шараятында
адамларымыздың денсаўлығын сақлаў ушын усы қайырлы илажды бираз кейинге қойыўға
туўра келди. Жақсылықтың кеши жоқ, деген. Несип еткен екен, мине бүгин сизлер
менен Жаңа жыл байрамы қарсаңында жүзе-жүз көрисип, дийдарласып турмыз, - деди
Шавкат Мирзиёев.