22.12.2024, Екшемби

Жаңа жыл саўғасын қалай таңлаў керек?

Жаңа жыл жақынласқаны сайын жаңа жылды кандай күтип алыў ҳәм  жақынларымызды қалай қуўандырыў хаққында ойлап жүремиз. Бул ушын әлбетте жақсы саўға бериў бизиң ең биринши ойымызға келетуғын пикир.  Хош өзи жаңа жыл саўғасы қандай болыўы керек? Негизи саўға  үлкен яки киши, арзан ямаса қымбат екенлигине қарап баҳаланбайды. Ол тек шын кеўилден бериледи.

Саўға таңлаўда саўға берип атырған адамның жасы, минези ҳәм талғамына карап бериў орынлы болады. Көбинесе жумыс бабындағы адамларға басшы ямаса жумыстағы кәсиплеслерге саўға бергенде олардың минезлерине қарай отырып керекли болған яки пайдаланатуғын буйым ямаса басқа нәрсе бериўге болады.



Ал жаңа жыл саўғасы бираз басқашарақ болады.  Қыс мәўсими болған соң көпшилик адамлар бас кийим, шарф, хаял қызларға орамал яки қолғап қулласы жыллы болатуғын кийим-кеншек ҳәм соған уқсас нәрселер бериледи. Шаңарак ағзаларымызға болса өзлери көптен күтип жүрген ямаса алғысы келип жүрген саўғаны бериў ең мақул шешим болады.

Әлбетте усы орында кишкенелеримизди де умытпаўымыз керек. Жумсақ ойыншықлар, конфета менен шоколадлар ҳәм сол сыйақлы мазалы нәрселер балалардың ең сүйикли саўғасы. Усы орында «Ең жақсы саўға өз қолы менен исленген саўға» деген сөзди де ойымыздан шығармаўымыз керек. Сиз де бул усылды қоллап көриўиңиз мүмкин.

 

Тилегенов Бахтияр

ҚМУ студенти