22.12.2024, Екшемби

Аралдың дузы сырт еллерге экспорт етиледи

Бүгинги күнде Мойнақ районында санаат өнимлерин ислеп шығарыў потенциалы жоқары дәрежеде. Өзбекстанның Иран Ислам Республикасы ҳәм Польша мәмлекети елшилеринен кейин хызмет сапары менен келген Аўғанстан Республикасы елшиси Ядгор Хўжа Шодмонов Арал суўы тартылыўынан пайда болып атырған дуз өнимлерин ислеп шығарыўшы "Мойнақ минерал дузы" жуўапкершилиги шекленген жәмийетине экспортёр болыўшы кәрханалар бар екенлигин ҳәм бирге ислесиў тилегин билдирди.

 

Бул кәрхана дуз өнимлерин менен бирге полипропелин қапшықларын ислеп шығарыў менен шуғылланады. Елшилер ҳәм Мойнақ районы ҳәкиминиң орынбасарлары менен болған сәўбетте мине усы мәселелерге тоқтап өтилди.

 

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети