22.12.2024, Екшемби

БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ШӘРТНАМАЛАРЫ ДҮЗИЛДИ

Республикамызға келген мәмлекетимиздиң сырт еллердеги елшилериниң сапары даўам етпекте.

Өзбекстанның Беларусь мәмлекетиндеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси елшиси Н.Юсупов, Польша мәмлекетиндеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Б.Бабаев, Иран Ислам Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Б.Абдуллаев Беруний районында болып,  аймақтың инвестициялық имканиятлары, экспорт потенциалы менен жақыннан танысты.

Район ҳәкимлигинде болып өткен ушырасыўда елшилер исбилерменлер менен өз-ара пикир алысты. Алдағы бирге ислесиў режелери, әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша усыныслар билдирилди.

 

Усы күннин өзинде район ҳәкимлиги, Иран Ислам Республикасының «Engineering and Development Company» компаниясы ҳәм райондағы «Элит қурилиш маҳсулоти» жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында үш тәреплеме шәртнама дүзилди. Улыўма баҳасы 1 миллион долларлық жойбарға муўапық, келеси жылы асфальт-бетон заводының иске түсирилиўи  белгиленди. Кәраханаың иске түсирилиўи менен бул жерде 25 жумыс орны жаратылып, кейин ала көбейеди.


-Районда Президентимиз тәрепинен соңғы үш жылға белгиленген «өсиў ноқаты» бойынша кең көлемли жумыслардың әмелге асырылып атырғанының гүўасы болдық,-дейди Өзбекстанның Иран Ислам Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Баҳадыр Абдуллаев.-Бүгинги шәртнама тийкарында әмелге асырылатуғын жойбар аймақларда қурылыс жумысларының еле де жеделлесиўине хызмет етеди.

Елшиниң атап өткениндей, бундай жойбар Мойнақ районында да әмелге асырылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы