Усы жыл даўамында Арал бойы халқын раўажландырыў қоры есабынан Тахтакөпир районы "Жаңадәрья" аўыл пуқаралар жыйынындағы суў душшыландырыўшы үскенеси (ЭКОС) менен суў тармағына 1 млрд. 590 млн сум, "Маржанкөл" аўылына болса улыўма 6млрд 300 млн сумлық реконструкция жумыслары алып барылды.
Бүгин Бирлескен Миллетлер
шөлкеми есабынан қурылыс жумыслары әмелге асырылған "Белтаў" АПЖ
аймағындағы "Таза қоныс"
аўылының суў тармақларына 1 млрд 58 млн сумлық реконструкция жумыслары жуўмақланып,
ЭКОС аўыл халқы ушын пайдаланыўға тапсырылды. Нәтийжеде "Белтаў"
аўылында 165 хожалық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.
Жаңа қурылыс үскенесиниң
иске қосылыў салтанатына район ҳәкими Ж.Адилов,
Өзбекстан Республикасының Германиядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси
Касимов Набижон Садикжонович қатнасты.
Район ҳəкимлигиниң Мəлимлеме
хызмети