22.12.2024, Екшемби

Республикалық арнаўлы комиссияның мәлимлемеси


Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның мәлимлемеси:

 

 Соңғы ўақытларда айрым сырт еллерде, соның ишинде, Уллы Британия, Италия, Дания, Австрия, Австралия, Нидерландия ҳәм Қубла Африка Республикасында жаңа коронавирус инфекциясының анықланыў жағдайлары бирден көбейип кетип, эпидемиологиялық жағдайдың кескин түс алыўы бақланбақта. Атап айтқанда, усы жылдың 20-декабрь жағдайы бойынша Уллы Британияда күнлик наўқасланыў жағдайы 36 мыңға, Германияда 21 мыңға шамалас, Италияда 15 мыңнан, Нидерландияда 13 мыңнан, Қубла Африка Республикасында 9 мыңнан асламды қурамақта.

 

 Усы мәмлекетлердеги эпидемиологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда айрым Европа ҳәм басқа мәмлекетлер тәрепинен эпидемиологиялық жағдайды қурамаластырмаў мақсетинде жоқарыда атлары аталған мәмлекетлер менен халықаралық авиарейслерди шеклеў бойынша қарарлар қабыл етилди.

 

Жоқарыдағыларды есапқа алып, дүньядағы эпидемиологиялық жағдайдың жедел түрде кескинлесиўи шараятында елимиздеги эпидемиологиялық турақлылықты сақлап қалыў, коронавирус инфекциясы тарқалыўының жаңа ошақлары пайда болыўына жол қоймаў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында:

 

– Усы жылдың 21-декабрь сәнесинен 2021-жылдың 10-январь сәнесине шекем Уллы Британия, Италия, Германия, Дания, Австрия, Австралия, Нидерландия ҳәм Қубла Африка Республикасы мәмлекетлери менен халықаралық авиарейслер (кириў, шығыў ҳәм транзит рейслер арқалы республикаға кириў) тоқтатылады.

 

– Соның менен бирге, Уллы Британия, Италия, Германия, Дания, Австралия, Нидерландия ҳәм Қубла Африка Республикасы мәмлекетлериниң пуқаралары, усы мәмлекетлерде турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған адамлар және соңғы 14 күн даўамында усы мәмлекетлерде болған үшинши мәмлекет пуқаралары жоқарыдағы шеклеў әмел еткен дәўирде Өзбекстан Республикасына киргизилмейтуғынлығы белгиленди.

 

– Сондай-ақ, соңғы 14 күн даўамында Уллы Британия, Италия, Германия, Дания, Австралия, Нидерландия ҳәм Қубла Африка Республикасы мәмлекетлеринде болған ҳалда үшинши мәмлекетлер арқалы Өзбекстанға кирип келетуғын Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған адамлар 14 күн даўамында ўақытша карантинде сақлаў комплексинде ямаса тийисли мийманханада карантинге алыныўы белгилеп қойылды.

 

Бул енгизилип атырған шеклеўлер усы мәмлекетлердеги эпидемиологиялық жағдай турақласыўы менен басқышпа-басқыш бийкар етиледи.

 

Сол себептен, Республикалық арнаўлы комиссия дүньядағы усындай қурамалы жағдайды есапқа ала отырып, пуқараларымыздан жәмийетлик орынларда нықап тағып жүриў, ресторан, кафе ҳәм басқа улыўмалық аўқатланыў объектлеринде 30 адамнан көп болмаған ҳалда илажларды өткериў, сондай-ақ, министрлик, мәкемелер ҳәм мәмлекетлик үлеси болған хожалық бирлеспелеринде ҳәр қыйлы корпоративлик байрам илажларын шөлкемлестирмеў ҳаққындағы карантин шеклеўлерине қатаң әмел етилиўин сорап қалады.

 

 Соның менен бирге, Республикалық арнаўлы комиссия пуқараларымыздың өзи ҳәм шаңарақ ағзаларының денсаўлығын сақлаў мақсетинде кирип киятырған жаңа жылды шаңарағы менен бирге күтип алыў зәрүрлигин және бир мәрте еслетип өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.