22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директоры А.Ходжаев, Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, ҳүкимет ағзалары, тараў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары, қала, район ҳәкимлери, сектор басшылары ҳәмде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

 

 Еӊ дәслеп, депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап өтилгениндей Ҳүрметли Президентимиздиң усы жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында елимиздиң социаллық-экономикалық жақтан жәнеде раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы менен байланыслы әҳмиетли ўазыйпаларды белгилеп берген еди.


Усы ўазыйпалар тийкарында Президентимиздиң усы жыл 11-ноябрь күни «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, үш жыллық раўажланыў бағдарламасы ислеп шығылды.

Қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасында 2020-2023-жыллар даўамында 2 мың 788 жойбар бойынша объектлерде 21 триллион  209 миллиард сумлық кең көлемли жумысларды әмелге асырыў режелестирилген.

Атап айтқанда, 17 район ҳәм қаланың өзине тән «өсиў ноқат»ларынан (драйвер) келип шығып 2020-2022-жыллары улыўма баҳасы 12 триллион 300 миллиард сум болған 1 мың 359 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген.

 

Сессияда атап өтилгениндей, усы жылдың 11-19-декабрь күнлери аралығында қала ҳәм районлық Кеңеслердиң сессиялары шөлкемлестирилип, ҳәкимлердиң 2020-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыў жуўмақлары ҳәм 2021-жылға белгиленген режелер бойынша халыққа мүрәжаты тыңланды ҳәмде тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе, яғный, Қарақалпақстан Республикасын 2020-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәмде 2021-жылға белгиленген режелер ҳаққында Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳарман Сариевтиң мүрәжаты тыңланды.

 

 Бул мәселе бойынша депутатлар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды, тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияның күн тəртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси, яғный Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығын сайлаў мәселеси көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен бул лаўазымға Парахат Айтниязовтың кандидатурасы усынылды ҳәм оныӊ өмирбаяны менен таныстырылды.

Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

«Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 3-статьясына муўапық Конституциялық бақлаў комитети баслығы ант берди.

 Сондай-ақ, сессия күн тәртибинде «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары туўралы, «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы, Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықларының пуқаралар ҳуқуқларын ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқуқлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары ҳаққында мәлимлемеси туўралы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери ҳәм комиссиясы қурамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў туўралы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы мәселелери көрип шығылып, бул бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети,

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери