22.12.2024, Екшемби

ПЕДАГОГТЫҢ ПИДАЙЫЛЫҒЫ СЕБЕПЛИ, БИР ШАҢАРАҚТЫҢ ƟМИРИ САҚЛАП ҚАЛЫНДЫ

Бийғәрез ҳәм пəраўан елимизде, жәмийет раўажланыўына үлес қосыў, «Өз үйиӊди - өзиӊ асыра» деген принципке сүйенген ҳалда биринши нәўбетте, өз шаӊарағымызда саламат турмыс тәризин қəлиплестириў, ҳәр тәреплеме бəркамал перзентлер тәрбиялаў арқалы – пуқаралық ҳəм инсаныйлық ўазыйпамызды атқарған боламыз. Әсиресе, бүгинги күнде дунья мәмлекетлеринде кең тарқалып, глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы дәўиринде, сондай-ақ, түрли тәбийий апатшылықлар, айрықша жағдайлар себепли, елимиз басына түскен сынаўлы күнлерде қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, миллий қәдирият ҳәм үрп-әдетлеримизди даўам еттирип, меҳир-ақыбет, қайыр-сақаўат көрсетиў ең ағла пазыйлетлерден саналады.


 Айрықша жағдайлардың алдын алыў бағдарында,  районымызда тийисли тараў қәнигелери қатнасында тәбийий газден мақсетке муўапық пайдаланыў ҳәм қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў бойынша алып барылып атырған үгит-нәсият илажларына қарамастан, айрым пуқараларымыз тәрепинен өзбасымшалыққа жол қойылмақта. Атап айтқанда, «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны Бахытлы көшеси 5-жай 1-хана турғыны Елмуратов Назарбайдыӊ шаӊарағында, усы жылы 12-декабрь күни ийс газинен зәҳәрлениў жағдайы жүз бериўи ақыбетинде, хожалық басшысы Елмуратов Назарбай, ҳаялы Турдымуратова Гүлистан ҳәм жас өспирим перзентлери, райондағы 19-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары Қалбаев Нурлыбек ҳәм Қалбаева Бийбиназлар районлық Медицина бирлеспесиниӊ жанландырыў бөлимине жатқарылған. Бул ҳәдийсениӊ өз ўақтында анықланыўы ҳәм бир шаӊарақ ағзаларыныӊ өмириниӊ сақлап қалыныўында 19-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеби оқытыўшысы Абуова Асия Жақсылыковнаның кəсибине болған пидайылығы ҳəм ҳəр бир шəкиртине айрықша сүйиспеншилиги менен бийбаҳа үлес қосты.

 Абуова Асия өзи басшылық етип атырған 5-класс оқыўшысы Қалбаева Бийбиназдыӊ 12-декабрь күни сабаққа себепсиз келмей қалғанлығынан қәўетерленип, ата-анасына қоӊыраў етеди. Ата-анасы телефон қоӊыраўларына жуўап бермегенлиги себепли, жақын туўысқанларына хабар бериўи нәтийжесинде, бахытсыз ҳәдийсеге ушыраған хожалық ағзаларына өз ўақтында биринши медициналық жәрдем көрсетилип, өмирлериниӊ сақлап қалыныўына ерисилди.

   

 Оқытыўшының бул ийгиликли иси бəршеге үлги болды десек қəлеспеймиз. Педагогтың бул ағла пайзылетин ҳешнəрсе менен ɵлшеп болмайды, сондай болса да, Қанлыкɵл районы ҳəкимлиги мəжилислер залында, районы ҳəкими, бəрше мəкеме, кəрхана, шɵлкем басшылары ҳəм билимлендириў саласында мийнет етип киятырған барлық педагоглар қатнасында, келешек әўладты тәрбиялаўдағы айрықша мийнетлери, оқытыўшылық кәсибине пидайылығы, жоқары дәрежедеги инсаныйлық пазыйлетлери ҳәм инсанларға бийғәрез жәрдемлер көрсетиў жолындағы белсендилиги ушын Қанлыкөл районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 19-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеби оқытыўшысы Абуова Асия Жақсылыковнаға районы ҳəкими Абу-Бакир Ибрагимов айрықша миннетдаршылық билдирип, баҳалы саўғалар менен хошаметледи.

“Ўақыя болған күни тийисли тараў қəнигелери менен биргеликте жəбирленген шаңарақты емлеўханаға жеткеремен дегенше, жанымызда болып, оқыўшысы ушын қайғырып, жағдайын билиўге тырысқан Асия апаны, ҳақыйқый пидайы устаз деп атағым келеди. Бүгин оқытыўшымыздың шəкиртлерине болған мийирманлығы себепли, бир кеўилсиз ҳəдийсениң алды алынып, бир шаңарақтың тɵрт ағзасының ɵмири сақланып отыр. Районымызда Асия ападай кəсибине садық оқытыўшылардың бар екенлиги мени қуўандырады”-деп келтирип ɵтти, район ҳəкими ɵз сɵзинде.


Қанлыкɵл районы ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети