22.12.2024, Екшемби

Утемуратов Даўлетбай Минажович Кегейли районы ҳәкими лаўазымына тайынланды

Усы жылдыӊ 15-декабрь күни халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезексиз он сегизинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.


Сессияда халықтыӊ саламатлығын қорғаў, турмыс шараятын жақсылаў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларды унамлы шешиў, жәрдемге мүтәж шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратыў, районда әмелге асырылыўы белгиленген жойбарлардыӊ өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.


Сессияда усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниӊ орынбасары лаўазымында ислеп келген Утемуратов Даўлетбай Минажович Кегейли районы ҳәкими лаўазымына тайынланды, деп жазады Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.


Өз гезегинде Д.Утемуратов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықтыӊ абаданлығын тәмийинлеўге, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Усыныӊ менен халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезексиз он сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.