22.12.2024, Екшемби

Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов шарўалардан хабар алды

Қыс айы шарўалар ушын қатаң сынақ дəўири саналады. Сонлықтанда усы мəўсимнен шарўа малларын тоқ ҳəм шығынсыз алып шығыў ҳəр бир шарўа ушын үлкен ўазыйпа есапланады. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов Қараөзек районындағы «Қойбағ» АПЖ да жайласқан бир қатар шарўалардың ҳал-жағдайларынан хабар алып, оларға азық-аўқатлық өнимлери менен қысқы кийим-кеншеклер апарып берди. Сондай-ақ шарўалар тəрепинен таярланып атырған каракөл терилерин көзден өткерип, таярлаған өнимлерине жоқары баҳа берип қаракөлшиликти жетилистириў жумысларында табыслар тиледи.

 



Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети