Ҳүрметли Президентимиздиң усы жыл 2-октябрь күнги
Карақалпақстан Республикасына хызмет сапары даўамында өткерилген мәжилисинде бир
қатар ўазыйпалар белгилеп берилген болса, Президентимиздиң 11-ноябрь күнги
"2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс
социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-4889-санлы
қарары тарийхый қарар болды.
Усы қарардағы ҳәмде алдынғы жыллардағы
Президентимиздиң хызмет сапарларындағы баянламаларында белгилеп берилген
тапсырмалар сондай-ақ Пәрманлары менен Қарарлары тийкарында барлық тараўларда
мисли көрилмеген реформалар ҳәм өзгерислер әмелге асырылмақта.
Усы мүрәжәтым даўамында Президентимиздиң Парманлары ҳәм қарарларындағы белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм тапсырмаларға муўапық район аймағында әмелге асырылып атырған жумысларға бирме-бир тоқталып өтемен.
Социал-экономикалық көрсеткишлердиң өсиў пәтлери,
халықтың жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға
ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын асырыў мақсетинде бир қанша
жумыслар алып барылды.
Пүткүл дүньяда жүз берген пандемияның унамсыз
ақыбетлерине қарамастан социаллық-экономикалық раўажландырыўдың белгиленген
прогноз көрсеткишлерине ерисиў бойынша зәрүр шаралар көрилди.
Атап айтқанда, жыл
даўамында санаат кәрханалары тәрепинен 161 млрд. сўмлық санаат өнимлери ислеп
шығарылыўына ерисиледи ҳәм өткен жылдың (2019-жылда
93,4 млрд. сўм,
Республикадағы үлеси 0,4 пайызды) усы дәўирине
салыстырғанда өсиў дәрежеси 115,5 пайызды қурап Республикадағы үлеси 1,5 пайызды қурады.
("Kegeyli
еxstract" ЖШЖ ти боян тамыры экстракти, "Good Salt production"
ЖШЖ ти “ас дузын қайта ислеп шығарыў", "Dawren" ЖК металдан
бўйымлар ислеп шығарыў)
- тийкарғы капиталға
өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеми миллий валютада 111,7 млрд. сўмды,
өткен жылдың (51,2 млрд. сўм, Республикадағы үлеси 0,6 %) усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 142,8 пайыз,
Республикадағы үлеси 1,2 пайызды;
2020-жыл жуўмағы менен туўрыдан-туўры 1,6 млн. АҚШ
долларлық сырт ел инвестициялары өзлестирилди.
-қурылыс жумыслары 76,4
млрд. сўмлық көлемге орынланып, өткен жылдың (2019-жылда 55,0 млрд. сўм, Республикадағы үлеси 1,6 пайызды) усы
дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 121,9 пайызды, Республикадағы үлеси 2,6 пайызды;
Пандемия дәўиринде халықтың турмыс шараятының
төменлеўине жол қоймаў, халық жан басына туўры келиўши зәрүрли өним ҳәм
хызметлер көлеминиң төменлеўиниң алдын алыў бойынша жумыслар алып барылды. Атап
айтқанда, халықтың орташа жан басына:
- санаат өнимлери 3 424,1
мың сўмды;
- халық тутыныў буйымлары 2 197,1 мың сўмды;
- аўыл хожалығы өнимлери 6 140,0 мың сўмды;
- инвестициялар 2 070 мың
сўмды;
- қурылыс жумыслары 1 886,9 мың
сўмды;
- усақлап сатыў саўда 3 166,7 мың сўмды;
- хызметлер 1 517,2 мың
сўмды қурап, өткен жылға салыстырғанда сезилерли асыўына
ерисилди.
Жеңиллетилген кредит қаржыларының ишинде “Шаңарақлық
исбилерменликти раўажландырыў” мақсетинде 357 ден аслам шахсларға жәми 8 млрд.
547,1 млн. сўм муғдарында жеңиллетилген кредит қаржлары ажыратылып
берилди.
Атап айтқанда:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 3777-санлы қарары
тийкарында "Ҳәр бир шаңарақ исбилермен" мәмлекетлик бағдарламасы
шеңберинде 335 шахсларға 7 млрд 486,7 млн. сўмлық;
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5242-санлы
Пәрманына мууапық, өнерментшиликти раўажландырыўға 8 шахсқа 219,2 млн. сўмлық;
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5325-санлы
Пәрманы тийкарында Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды
тәрепинен 11 физикалық ҳәм юридикалық шахсларға 139 млн.сўмлық;
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5466-санлы қарары
тийкарында "Жаслар-келешегимиз" бағдарламасы тийкарында 3 физикалық
ҳәм юридикалық шахсларға 703 млн. сўмлық кредит қаржылары ажыратылды.
Бул қаржылар белгиленген жөнелислер бойынша халық
бандлигин тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халық дәраматларын
асырыў мақсетлеринде ислетилип атыр.
Германия, Қазақстан мәмлекетлеринен районымызға жәми
280 бас нәсилли қарамаллар ҳәм 3000 бастан артық нәсилли қойлар алып келинди.
- туўрыдан-туўры 1,6 млн. долларлық инвестициялар
есабынан 2 жойбар әмелге асырылды.
Киши санаат зоналарының унамлы нәтийжелери, оларда
исленген жоқары технологиялық ислеп шығарыўлар ҳәм импорт орынын басыўшы
өнимлер ислеп шығарыў мақсетинде, районда 2 гектар жер майданында бос турған 2
имәратда жәми 1 мың 187,1 кв.м майданында киши санаат зонасы шөлкемлестирилди.
Жаӊадан шөлкемлестирилетуғын киши бизнес субъектлери
санын көбейтиў, олардыӊ экономикадағы үлесин асырыў мақсетинде 2020-жыл
даўамында 120 киши бизнес субъектлерин жаӊадан шөлкемлестириў реже-графиги
белгиленген болса, соннан бүгинги күнде 140 жаӊадан киши бизнес субъектлери
шөлкемлестирилген болып реже 116,7 пайызға орынланды.
Буннан тысқары 175 жеке тәртиптеги исбилерменлик
субьектлери шөлкемлестирилди.
Жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў
ҳәм қәнийгелигин арттырыў бойынша 118 пуқара оқытылды.
Соннан;
- тигиншилик жөнелисине 75 пуқара;
- устаз шәкирт усылында металдан буйымлар жасаўда 15
пуқара,
- гүл басылған гезлемелер ҳәм шақлы буйымлар
жөнелисине 15 пуқара,
- ағаштан таярланған халық өнерментшилигине 13
пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленди.
Өзбекстан Республикасы Президентинин 2020-жыл
11-август күнги ПҚ-4804-санлы
қарарына муўапық, "Атакөл" АПЖ имаратынан Кәмбағал ҳәм жумыссыз
пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет белсендилигин асырыў бойынша
оқыў орайы шөлкемлестирилип бүгинги күнде тигиншилик жөнелисинде 19 ҳаял-қызлар
кәсип-өнерге оқытылмақта.
Санлы технологияны енгизиў мақсетинде Мәмлекетлик
хызметлер орайы имәраты қурылысы жаңадан қурылып (3 млрд. 432 млн. сўмлық) бунда бүгинги күнде электрон тәризде 150
түрдеги хызметлер көрсетилип келинбекте.
Буннан тысқары, район аймағының барлық орынларына
интернет тармақлары тартылып иске қосылды.
Экспорт көлемин асырыў, жаңа өнимлердиң экспортын
жолға қойыў ҳәм базарларға шығарыў ушын 2020-жыл жәми 1 млн. 485 мың АҚШ доллар
экспорт прогнозы белгиленген болса, жыл даўамында 1 млн. 529 мың долларлық
өнимлер экспортқа шығарылды ҳәмде жыллық реже артығы менен орынланды.
Әмелге асырылған қурылыс
жумыслары пайдаланыўға тапсырылған социал-мәдений ҳәм басқа объектлер, үй жай
қурылысында әмелге асырылған жумыслар бойынша районда 2020-жыл даўамында жәми 77
млрд. 327 млн. сўмлық қурылыс жумыслары алып барылды.
"Абад орай"
бағдарламасы тийкарында Қарақалпақстан Республикасының жергиликли бюджети қаржылары
есабынан жәми 32 млрд. 302 млн. сўмлық қурылыс жумыслары әмелге асырылды.
Көп қабатлы үй
жайларға Арал бойын раўажландырыў фонды қаржылары есабынан 4,7 млрд.сўмлық
қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл
20-февралдағы «Абат аўыл» бағдарламасын 2019-жылда әмелге асырыў бойынша
қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-4201-санлы қарарына муўапық, районымызда
2019-жылы “Абад аўыл” бағдарламасына Тахтакөпир, Мулик ҳәм Даўқара
АПЖлар киритилген болып, Соннан;
“Абад аўыл” бағдарламасына қурылыс оңлаў ҳәм
абаданластырыў жумыслары ушын 32.2
млрд сўм қаржы ажыратылыўы режелестирилген болып, әмелде 33 млрд. сўмлық (103%)
қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Соннан:
Райондағы банк филиаллары тәрепинен 448 млн. сўм кредит ажыратылыўы режелестирилген, әмелде 607 млн. сўм (135%) кредит ажыратылды.
- Жеке тәртиптеги үй-жайларды оңлаў жумысларын алып
барыў ушын 75 дана үй-жайлар
режелестирилген, әмелде сметалық баҳасы 607 млн. сўмлық 77 дана үй-жайлардың (102%) оңлаў жумыслары алып барылды.
- Ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша Тахтакөпир
АПЖ аймағына сметалық баҳасы 286 млн. сўмлық 1,7 км
суў тармағын тартыў ҳәм оңлаў жумыслары режелестирилген, әмелде 1,7 км (100%) ишимлик суў
тармақларынық қурылыс жумыслары алып барылды.
Сметалық баҳасы 1,4 млрд. сўмлық 27 км (Даўқара АПЖ 5 км, Мүлик АПЖ 10 км, Тахтакөпир
АПЖ 12 км) электр линияларын оңлаў режелестирилген, 27 км (100%) электр
линияларға оңлаў жумыслары алып барылды.
Сметалық баҳасы 357 млн. сўмлық 5 дана (Даўқара АПЖ 2
дана, Мүлик АПЖ 2 дана, Тахтакөпир АПЖ 1 дана ТП жаңадан орнатыў) трансформатор
пунтлерин алмастырыў ҳәм оңлаў режелестирилген, әмелде 374 млн. сўмлық 19 дана
(380%) ТП орнатыў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылды.
- Ишки көшелерди оңлаў бойынша сметалық баҳасы 7,7
млрд. сўмлық 26,4 км (Даўқара АПЖ 6,3
км, Мүлик АПЖ 10,1, Тахтакөпир АПЖ 10 км) режелестирилген, әмелде 26,4 км (100%) оңлаў жумыслары алып барылды.
- Социал тараў объектлары бойынша сметалық баҳасы 21
млрд. сўмлық қурылыс оңлаў жумыслары
режалаштирилган, әмелде 21 млрд. сўм (100%) оңлаў жумыслары алып барылды.
Мектеплер - реже 8.490 млрд. (13-санлы мектеп 3,1 млрд, 16-санлы мектеп
2,250 млрд, 7-санлы мектеп 2,320 млрд.) әмелде 8.490 млрд. (100%);
Мектепке шекемги билимлендириў мекемелери - реже 2.4 млрд (9-санлы МШБМ 1,2 млрд, 12-санлы МШБМ 1,2
млрд), әмелде 2.4 млрд (100%);
Районымызда халықтың ишимлик суў
менен тәмийинлениў дәрежеси ҳәзирги күнде 62% қурамақта.
- инвестиция
дәстүрине муўапық усы жылда “Тахтакөпир суў бөлистириў” имаратында 1,2
млрд.сўмлық реконструкция жумыслары;
- Арал бойын
раўажландырыў фонды қаржылары есабынан 23,2 км ишимлик суў тармақларын жаңадан
тартыў ҳәм реконструкция жумыслары алып
барылды бул жумыслар ушын 5,7 млрд. сўм қаржы сарыпланды.
Жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм ҳақ төленетуғын
жәмийетлик жумысларға тартыў арқалы жумыссызлық дәрежесин ҳәм нарәсмий
бәнтлердиң санын қысқартыў мақсетинде жәми 350 турақлы жумыс орынлары
жаратылыўы режелестирилген болып, ҳақыйқатта 362 жаңа жумыс орынлары жаратылып
реже 103 пайызға орынланды.
Буннан басқа 157 жумыссыз пуқараларға 89,3 млн. сўмлық
жумыссызлық напақалары төлеп берилди.
Бүгинги күнде районымызда шөлкемлестирилген “Қайыр
сақаўат ҳәм көмек” фондына 185,6
миллион сўмнан аслам қаржылар келип түсип бул қаражетлер халықтың кем
тамийинленген қатламының турмыс дәрежесин жақсылыў ушын жумсалды.
Карантин дәўиринде район аймағындағы халықтың жасаў
шәраятлары үйренип шығылып, усы жылдың 1-ярым жыллығы даўамында:
- Кем тәмийинленген ҳәм социаллық
қоллап-қуўатлаўға мүтәж 480 шаңарақ (шаңарақ ағзасы 2256), соннан;
- жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген шаңараклар 356 шаңарақты курады (Шаңарақ ағзалары 1 мың 716),
Бул шаңарақларды аталыққа алыў, қәўендерлерге
бириктириў ҳәм де жумысқа жарамлы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша
анық илажлар белгилеп алынды.
Бүгинги күнге келип районлық “Қайыр сақаўат ҳәм
көмек” фонды ҳәмде район бойынша ғамхорлық етиўши қәўендерлер тәрепинен жами 960 кем тәмийинленген шаңараққа 240,0 миллион сўм муғдарындағы тийкарғы
түрдеги азық-аўқатлық өнимлери менен тәмийинленип, хожалық дәптерине ҳәм saxovat.argos.uz
сайтына жайластырып барылмақта.
Соның менен бирге бул шаңарақларға күнделикли
азық-аўқат, шарўа маллары, дәри-дарманлар ҳәм нақ пул көринисинде жами 2 млрд. 10 млн. сумнан аслам финанслық
жақтан жәрдемлер көрсетилди. Яғный;
Өзбекстан Респуликасы Президентиниң 2020-жыл 30-июль
күнги коронавирус пандемиясы дәўиринде халықтың жәрдемге мүтәж болған
қатламларын қоллап-қуўатлаўға бағдарланған ПФ-6038-санлы Пәрманына муўапық ҳәр
бир аўыл, көше ақсақаллары тәрепинен усыныс етилген жәрдемге мүтәж болған 480 шаңарақ белгилеп алынды ҳәм бул
шаңарақлардағы ҳәр бир жан басына 220
мың сумнан жәрдем пуллары жеткерилип берилди. Район бойынша 480 шаңараққа (1974 ағза саны) 434,3 млн.сўм.
Өзбекстан Респуликасы Президентиниң 2020-жыл
26-август күнги халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға бағдарланған қосымша
ис-илажлары туўрысындағы ПҚ-4815-санлы Пәрманына муўапық жәрдемге мүтәж
шаңарақлардың балаларын қысқы кийим, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен
тәмийинлеў мақсетинде райондғы «Темир даптер» ге киритилген шаңарақлардың 16 жасқа толмаған балаларына,
бағыўшысын жоғалтқан напақасын алыўшы ҳәмде нагиранлығы болған 16 жасқа толмаған балаларға яғный
шаңарақтағы ҳәр бир 16 жасқа
толмаған балаға 500 мың сумнан 1586
балаға 793 млн. сўм
төлеп берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июль
күнги коронавирус пандемиясы дәўиринде халықтың жәрдемге мүтәж болған
қатламларын қоллап-қуўатлаўға бағдарланған ПФ-6038-санлы Пәрманына муўапық ҳәр
бир аўыл, көше ақсақаллары тәрепинен жәрдемге мүтәж болған 480
(1974
ағзалары) шаңарақ усыныс етилип “Темир дәптер” ге киритилди. Соның менен
“Темир дәптер” де есапта қалған 272 (1098
ағзалары) шаңарақ пенен улыўма 752
(3072
ағзалары) шаңарақ есапқа алынды. Жыл басынан 01.11.2020 жыл ҳалатына “Темир
даптер” есабында болған мийнетке жарамлы болған 1293 пуқарадан 1051 пуқарасы (81,0%) жумыс орны менен бәнт
етилди.
Ҳүкиметимиз тәрепинен белгилеп берилген ис-илажлар
тийкарында исленип атырған қайырхомлық жәрдемлердиӊ нәтийжесинде усы жылдың алты айлық жуўмағы менен “Темир дәптерге”
дизимге алынған кем тәмийинленген ҳәм пандемия дәўиринде дәраматсыз қалған
шаңарақларға ҳәр тәреплеме көрсетилип атырған жәрдемлер, олардың жумысқа
жарамлыларының бәнтлигин тәмийинлеў, өзин-өзи бәнт етиўлери ушын ажыратылған
имканиятлардан туўры пайдаланған 208
шаңарақлардың жасаў шараяты
жақсыланғанлығы себепли кем тәмийинленген шаңарақлар (темир дәптерден) есабынан шығарылды.
Усы жылдың 10
айлығы жуўмағы менен “Темир
дәптерге” дизимге алынған 752 (3072 шаңарақ ағзасы) кем
тәмийинленген ҳәм пандемия дәўиринде дәраматсыз қалған шаңарақлардан пуқаралар
жыйынлары басшылары, аўыл ақсақаллары усынысы менен жасаў шараяты
жақсыланғанлығы себепли 496 кем
тәмийинленген шаңарақлар (темир дәптерден)
есабынан шығарылды. Темир даптерден шығарылған шаңарақлар бойынша өткерилген
мониторинг нәтийжелери бойынша 496
шаӊарақтыӊ 676 ағзасы жумыс пенен бәнт етилген.
(Жыл басынан район
бойынша 960 кем тәмийинленген ҳәм пандемия дәўиринде дәраматсыз қалған
шаңарақларға жами 2 млрд. 9 млн. 420 мың
сум муғдарында шарўа маллары, нақ пуллай, азық-аўқатлық өнимлери ҳәм басқада
жәрдемлер көрсетилди)
Усы жылдың 1 октябрь жағдайына бирлемши
мағлыўматларға тийкарланып "Ҳаяллар
дәптер”не киритилген 172 жумыссыз ҳаял-қызлардың бүгинги күнде 163
ҳаял-қызларын өзин-өзи бәнт етиў илажлары көрилди. Булардан 3 ҳаял-қызларға субсидия ажыратылды, 4
ҳаял-қызларға банк кредитлери ажыратылды, 109 ҳаял-қызлар исбилерменлерге
бириктирилди.
Бул жумыслар бирлемши мағлыўматлар тийкарында
исленген жумыслар болып, бүгинги күнде маҳалле ҳам шаңарақты қоллап-қуўатлаў
бөлими ҳәм өзин өзи басқарыў уйымлары тәрепинен инвентаризация жумыслары өткизилмекте.
Инвентаризация нәтийжеси менен бул жөнелистеги
жумысларымызды қайтадан режелестирип алып шөлкемлестириў илажлары көриледи.
“Жаслар дәптери”н қәлиплестириў ҳәм 18-30 жас аралығындағы жумыссыз жасларды анықлаў мақсетинде
инвентаризация жүргизилди.
Атап айтқанда:
- 150 жасты қурылыс тараўында жумыс пенен
тәмийинлеў;
- 175 жасты аўыл хожалығы тараўында жумыс
пенен тәмийинлеў;
- 42 жасты ислеп шығарыў кәрханаларында бәнтлигин тәмийинлеў;
- 61 жасты хызмет көрсетиў кәрханаларында бәнтлигин тәмийинлеў;
- 312 жасты өзин-өзи бәнт қылыў жөнелислери бойынша;
- 362 жасты ҳақ төленетуғын жәмийетлик жумысларға қамтып
алыў;
- 125 жасты өз қәнигелиги бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм
хожалық бирлеспелерине жумысқа жайластырыў арқалы бәнтилигин тәмийинлеў;
- 12 жастың бизнес жойбарларын қаржыландырыў,
исбилерменлик жумысларын жолға қойыў ҳәм кеңейттириў ушын кредит қаржыларын
ажыратыў арқалы бәнтилигин тәмийинлеў белгилеп алынды.
Суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мелиорация
ҳәм ирригация объектлери.
Кризиске қарсы
гүресиў фонды қаржылары есабынан әмелге асырыўы режелестирилген 5 ирригация
объектлеринде 2,3 млрд. сўмлық тиклеў-оңлаў жумыслары орынланып, пайдаланыўға
тапсырылды.
Районда кейинги
3 жыл даўамында 1590 гектар майданға суў тежеўши технологияларды орнатыў
режелестирилген болса, бүгинги күнде 250 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, 120 гектар майданда ийилиўшең трубалар жәрдеминде
суўғарыў системасын жолға қойыў мақсетинде үскенелер алып келип орнатылмақта.
Буннан тысқары, қол мийнетиниң 40 пайызға, жанар май ҳәм минерал
төгинлериниң сарыпланыўы 50-55 пайызға тежелиўине ерисиледи.
Аўыл хожалығы тараўындағы жумысларға қысқаша
тоқтап өтсем 2020-жыл зүрәәти ушын
райондағы 123 фермер хожалықлары тәрепинен 2910 гектар майданға шигит егилип, режедеги
6250 тонна орнына 6331 тонна (101,3 %) пахта өними орташа 21,8 центнерден жетистирилди.
Сондай-ақ, 2020-жыл зүрәәти
ушын райондағы 130 фермер хожалықлары
тәрепинен 4100 гектар майданға гүзлик бийдай егилип, режедеги 7199 тонна бийдай
өними орнына 7762 тонна (107,8%) бийдай өними 18,9 центнерден тапсырылды.
Шарўашылық ҳәм
аўыл хожалығы тараўындағы жойбарлар
Балықшылық тараўы бойынша.
Район бойынша жәми 35 балықшылық
хожалықлары бар болып, оларға жәми 5106,2 гектар суў асты (көл) жер майданлары
ажыратылып берилген, соннан 21 тәбий көллер 4933,6 гектар майданнан ҳәмде 14
жасалма көллер 172,6 гектар майданнан ибарат.
Усы көллерден жыл басыннан 1
мың 235,2 тонна балық аўлап алынды ҳәмде халыққа арзан баҳаларда сатылып
келинбекте.
Сондай-ақ, 2020-жылы
“Агрокомплекс Қарақалпақстан” ЖШЖ тәрепинен 300 млн.сўмлық жойбар үстинде
жасалма көл шөлкемлестирилди.
Дийқан хожалықлары ҳәм тамарқа жер майданлары
ҳаққында. Район аймағындағы жасаўшы
хожалықларында 6775 ханаданда
егислик тамарқа жер майданлары бар. Олар жәми 1372,2 гектар егислик жер майданлары бар болып, соннан 115 гектар майданды мийўели
тереклер ҳәмде 34 гектар майданды жүзимзарлар қурайды.
Сондай-ақ ерте
егистен босаған 152,1 гектар майданларға
тәкирарий егинлер егилип, 2022 тонна
аўыл хожалығы өнимлери жетистирилди ҳәм гүзде 2021-жыл зүрәәти ушын 39,7 гектар майданға тоқсанбасты
(чеснок,пияз) егинлери егилди.
Район бойынша
2020-жылы 102 хожалықларда киши
ыссыханалар (парниклер) қурылды.
Өзбекстан фермер,
дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң қоллап-қуўатлаў
жамғармасынан, район аймағындағы дийқан хожалықлары ҳәмде «Тамарқа хызмети»
ЖШЖлерине аўыл хожалығы егинлерин егиўде 100
тонна картошка туқымы ҳәмде 1500 түп
баў-бақша егинлери нәллери жеткерип берилди ҳәмде ыссықхана қурыў,
паррандашылык, шарўашылық ҳәм басқа жөнелислер ҳәмде суўғарыў қудықларын қазыў жумысларына 160 млн. сўм қарежетлер ажратылды.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде әмелге
асырылған унамлы нәтийжелер, сондай-ақ, жаңадан шөлкемлестирилген мәмлекетлик
емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине балаларды қамтып алыўдағы
унамлы өзгерислер, аўыллық жерлердеги жаратылаған шараятлар төмендегише.
Район бойынша 29 мектепке шекемги билимлендириў
шөлкемлери бар болып, соннан 16 мәмлекетлик, 13 шаңарақлық мәмлекетлик емес
мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумыс алып бармақта.
Район бойынша ҳәзирги күнде 23 улыўма орта
билим бериў мектеплери жумыс алып бармақта.
2020-жыл Халық билимлендириў бөлимине қараслы жәми 11 улыўма орта билим бериў мектеплерине қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, 8 ҳәм 12-санлы улыўма орта билим бериў мектеплерине капитал реконструкция жумыслары, 3-санлы ҳәм 6-санлы улыўма орта билим бериў мектеплерине капитал оңлаў жумыслары, сондай-ақ, жергиликли
бюджет қаржылары есабынан 1, 2, 9, 10, 11, 15, 17-санлы мектеплериде жәми 6,3
млрд сўмлық киши оңлаў жумыслары алып барылды.
2020-жыл тармақ сыйлықлары менен еки оқытыўшы, яғный 1-октябрь «Устазлар ҳәм
муғәллимлер күни» мүнәсебети менен 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң
өзбек тили пәни муғәллими Тилеўова Лиза Шахниязовна ҳәм 10-санлы улыўма орта
билим бериў мектебиниң оқыў ислери бойынша директор орынбасары Джубанышов
Нурлепес Ерполатовичлер «Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы»
медаллары менен сыйлықланды.
Ҳәзирги күнде район халқына 69 шыпакер ҳәм 399 орта буўын медицина
хызметкерлери медициналық хызмет көрсетип келмекте.
Район аймағында спорт пенен шуғылланыў нийетин билдирген жасларға
қолайлықлар жаратыў мақсетинде усы жылы “Қараой” аўыл пуқаралар жыйыны
аймағынан 1000 орынлы футбол стадионы жаңадан қурып пайдаланыўға тапсырылды.
Бүгинги күнде районда жәми 28 спорт
имаратлары хәм 76 майданшалар бар
болса, бул жерде тәлим-тарбия алып атырған балаларымыздың жеңислерин айрықша
атап өтиўимиз орынлы.
2020-жылда Балалар-өспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшылары
Өзбекстан Республикасы кубоги ҳәм чемпионатларында спорттың Өзбек жанг санъати
түри бойынша 4 гүмис ҳәм 3 бронза медалларын қолға киргизди.
Район аймағында спорт пенен шуғылланыў нийетин билдирген жасларға
қолайлықлар жаратыў мақсетинде усы жылы “Қараой” аўыл пуқаралар жыйыны
аймағынан 1000 орынлы футбол стадионы жаңадан қурып пайдаланыўға тапсырылды.
Бүгинги күнде районда жәми 28 спорт
имаратлары хәм 76 майданшалары бар.
Атап айтқанда, 2
стадион, 22 спорт зал, 76 спорт
майданшаларынан ибарат.
2020-жылда Балалар-өспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшылары Өзбекстан Республикасы кубоги ҳәм чемпионатларында спорттың Өзбек жанг санъати түри бойынша 4 гүмис ҳәм 3 бронза медалларын қолға киргизди. “Жаслар дәптери”н қәлиплестириў бойынша усы жылдың 15-октябрь ҳәм 15-ноябрь аралығында 18-30 жас аралығындағы жумыссыз жасларды анықлаў бойынша хатлаў өткерилди.
Усы анықланған 1425
жумыссыз жасларды “Жаслар дәптери”не киритип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў,
кәсип-өнерге оқытыў бойынша тараўлар кесиминде дәстүр ислеп шығылды.
Атап айтқанда:
150 жасты қурылыс тараўында
жумыс пенен тәмийинлеў;
175 жасты аўыл хожалығы тараўында
жумыс пенен тәмийинлеў;
42 жасты ислеп шығарыў кәрханаларында бәнтлигин тәмийинлеў;
61 жасты хызмет көрсетиў кәрханаларында бәнтлигин тәмийинлеў;
312 жасты өзин-өзи бәнт қылыў жөнелислери бойынша;
362 жасты ҳақ төленетуғын жәмийетлик жумысларға қамтып
алыў;
125 жасты өз қәнигелиги бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм
хожалық бирлеспелерине жумысқа жайластырыў арқалы бәнтилигин тәмийинлеў;
12 жастың бизнес жойбарларын қаржыландырыў,
исбилерменлик жумысларын жолға қойыў ҳәм кеңейттириў ушын кредит қаржыларын
ажыратыў арқалы бәнтилигин тәмийинлеў режелестирилген.
2017-2020-жылларда Жаслар аўқамы хызметкерлериниң 1 хызметкери
усы системада ҳәм 3 хызметкери басқа системадан жоқары лаўазымларға тайынланды.
2017-2020-жыллар даўамында районымыз жаслары бир
қатар халықаралық танлаўларда жеңимпаз болды.
Атап айтқанда,
2018-жыл Беларусия Республикасының Минск қаласында
өткерилген «Европа кубогы» халықаралық таңлаўында 17-санлы Балалар музыка
ҳәм көркем-өнер мектебиниң скрипка бөлими оқытыўшысы
Руслан Абутов II-орынды, 2018-жылдың июль айында Қырғызстан Республикасының Бишкек
қаласында өткерилген «Ыссыкөл досларды шақырады»
атамасында халықаралық этно-карновалда музыка мектебиниң дуўтаршылар ансамбли
I-орынды ийелеген болса, дуўтаршы қызымыз Сейтова Шахсанем II-орынды қолға
киритти.
Мәденият бөлиминиң «Мийрас»
фольклор этнографиялық халық жәмәәти 2018-жылдың 30-31-май кұнлери
Наўайы ўәлаятында өткерилген
«Нурли наволар» халықаралық фольклор фестивалында «Жаслар сейили» композициясы
менен қатнасып сыйлы 3-орынды жеңип алды.
2019-жыл ноябрь айында Ташкент каласында
өткерилген халықаралык «Опен Азия» таңлаўында музыка мектебиниң «Хурлиман»
дуўтаршылар ансамбли 2-орынды ийелеген болса, “Жасканат” аяқ ойыншылар ансамбли
сыйлы 3-орынды ийеледи.
Буннан басқада, “Даўқара” аўыл пуқаралар жыйынындағы
13-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң тәрбияланыўшысы, “Зульфия” атындағы
мәмлекетлик сыйлықтың лаўреаты Айжамал Жолдасбаева ғәрезсиз мәмлекетлер
аўқамының (МДҲ) әскерий журналистлери арасында II-Жәҳән урысында фашизм үстинен
ерисилген жеңистиң 75 жыллығы мүнәсебети менен өткерилген халықаралық таңлаўда
сыйлы биринши орынды жеңип алды.
Район аймағында
жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша алып барылған жумыслар
ҳаққында
Район аймағында аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлардың алдын
алыў мақсетинде қыдырыўда жүрген шахсларды қыдырып табыў мақсетинде «Таң» тадбири, район аймағында ҳәр
қандай жүз берип атырған жынаятлардың
алдын алыў мақсетинде «Түн» тадбири,
«Жаслар арасында наркотик затлардың
тарқалыўына қарсы гүресиў айлығы», «Қыдырыў»
«Қара дәри» «Турмыс» «Антитеррор-тозалаш» «Арсенеал» «Спитамен» ҳәмде ҳәр
пийшемби күнлери «Профилактика күни»
деп белгиленгенлиги мүнәсибети менен аймақларда бөлимниң барлық хызмет
тараўлары оператив-профилактикалық иләжлар өткерип келинбекте.
Жоқарыда атап өтилген иләжлар нәтийжесинде адам
өлтириў, денеге аўыр жарахат жеткериў, намысқа тийиў, тонаўшылық, басқыншылық,
бийзарылық, автотранспорт қуралларын алып қашыў, аўыр ақыбетли ЖТҲ, адам
саўдасы менен байланыслы жынаятлар жүз берилиўине жол қойылмады. таўламашылық
жынаятлары 1ден 0ге, урлық жынаяты 3 тен
1ге -66,7 пайызға кемейди.
Алып барылған иләжлар себепли барлық тараў бойынша
жүз берген жынаятлар 10 нан 9 ға -10,0 пайызға кемейип, соннан, жынаят қыдырыў тараўы бойынша
жынаятшылық 5тен 5ке турақлы, экономика тараўы бойынша
жынаятшылық 2ден 0 ге -200 пайызға,
басқа тараў бойынша
жынаятшылық 3 тен 4 ке 25,0 пайызға өскен.
Солардан жынаят қыдырыў тараўында өскен жынаятлар:
-алдаўшылық жынаяты 168-ст 0ден 3 ке +300 пайызға,
-16 жасқа толмаған шахс пенен
жынсый қатнаста болыў 128-ст
0 ден 1 ге +100 пайызга өсти.
Жынаят қыдырыў тараўында кемейген жынаятлардан:
-урлық
жынаяты 169-ст 3тен 1ге - 66,7 пайызға,
-таўламашылық жынаяты 165-ст 1 ден 0 ге - 100 пайызга,
-денеге орташа аўыр жараҳат
жеткериу жынаяты 1 ден 0 ге -100 пайызға
кемейди.
Экономика тараўы бойынша жынаятшылық 2 ден 0 ге - 200 пайызға кемейди.
Басқа тараўлар бойынша жынаятшылық 3 тен 4 ке:
-ҳәкимшилик бақлаў
қағыйдаларын бузыў жынаяты 226-ст 1ден 1
ге -турақлы.
-транспорт қуралларынан
пайдаланыў қәўипсизлигин бузыў жынаяты 266-ст 1ден 2ге +50 пайызға өскен.
-ҳайўанат яки өсимлик
дүньясынан пайдаланыў тәртибин бузыў жынаяты 202-ст 1 ден 1 ге турақлылығы сақланған.
Район аймағында садыр
етилген жынаятларды жәмийетлик қәўпи бойынша таллап көргенимизде
жүдә аўыр турдеги жынаятлар садыр етилмеген.
аўыр турдеги жынаятлар 0ден 2ге +200 пайызға
өскен.
аўырдан жеңил жынаятлар 4 тен 2 ге -50,0 пайызға
кемейиўине ерисилген.
Районда ҳәзирги күнде Маденият бөлимине қараслы жәми 4 Маденият орайлары хызмет көрсетип келмекте.
Орайдың үш филиали
болып, булар «Мақпалкөл», «Өзбекстан», «Даўқара» АПЖ аймақларында жайласқан.
Маденият орайы
заманагөй 300 орынға мөлшерленген.
Мәденият бөлиминдеги
жәми 20 дөгерекке 486 аслам жаслар қамтып алынған. Буннан
тысқары 1 орында Музика ҳәм
көркем-өнер мектеби болып, 150 оқыўшыға мөлшерленген, 150 орынлы концерт залына
ийе. Бүгинги күнде мектепте 341 оқыўшыға
46 педагог 12 жөнелисте
тәлим-тәрбия берип келмеқте, соннан 13 жоқары мағлыўматлы, 29 орта мағлыўматлы.
2020-жыл Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық
партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен 15-май “Халықаралық
шаңарақ күни” мүнәсибети менен шөлкемлестирилген “Аналар ҳәййиў айтқанда”
атамасындағы онлайн таңлаўда “Ш.Өтемуратов”
атындағы Халық театры жәмәәти ағзасы Г.Бектемирова “Ең тәсирли ҳәййиў”
номинациясы менен сыйлықланды.
Ҳаял қызлардың жәмийеттеги ролин күшейтиў, оларды ҳәр
тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде районлық Мәҳәлле ҳәм
шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен райондағы кәрхана, мәкеме ҳәм
шөлкемлерде жумыс алып барыўшы 25 лидер ҳаял-қызлардың дизими қәлиплестирилди. Усы жылдың июнь айында лидер
ҳаяллар ҳәм психологлардан ибарат исши топар қатнасында мәҳәллелердеги
машқалалы шаңарақларды үйме-үй жүриў арқалы аўыр турмыс шәраятында жасаўшы,
нәгиранлығы болған, тынышсыз жағдайдағы шаңарақларға бириктириў белгиленген
еди. Үйрениўлер нәтийжесинде тынышсыз жағдайдағы 8 шаңарақ анықланып бул
шаңарақларға лидер ҳаяллар бириктирилди, әмелге асырылған түсиндириў жумыслары
ҳәм профилактик илажлар нәтийжесинде 6 шаңарақтағы тынышсызлық машқалалары
унамлы шешилди, ҳәзирги ўақытта 2 шаңарақ профилактикалық есапта турыпты.
Аймақлардағы
анықланған 53 нәгиран перзентлери болған ҳаялларға ҳәр тәреплеме
қоллап-қуўатлаў бойынша ис-илажлар белгиленип, Кәсиплик аўқамлары тәрепинен 10
ҳаялға нан писириў печи, 14 ҳаялға тигиў машинасы берилип олардың бәнтлиги
тәмийинленди.
2020-жылда
аўыр социаллық жағдайға түсип қалған 21 ҳаял-қызлар дизимге алынған болып,
олардан бир ҳаялға реабилитация орайынан еситиў аппараты, бир ҳаялдың перзентин
даўалатыў ушын қәўендерлерди бириктирген ҳалда 8 млн. 200 мың сўм
материаллық жәрдем көрсетилди, 8 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, бир ҳаял-қызға
нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығарыў ушын Халық банки тәрепинен 30 млн. сўм
жеңиллетилген кредит ажыратылды, 21 ҳаял-қызға жәми 50 млн. сўмнан артық
материаллық жәрдемлер ҳәм азық-аўқатлық өнимлери жеткерип берилди.
Ҳаял-қызлардың
сиясый билимин ҳәм ҳуқықый саўатханлығын асырыўға ҳәм де елимизде алып барылып
атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында халыққа жеткерип бериўди жетерли дәрежеде
шөлкемлестириў мақсетинде мәҳәлле
басламашыларынан ибарат Жәмийетшилик Кеңеси ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде
“Ҳаяллар мәсләҳат орайы” шөлкемлестирилди.
2020-жылдың 25-ноябрь ҳалатына “Ҳаяллар дәптери”не
172 ҳаял-қызлар киритилди.
2019-жылы исбилерменликке оқытылған 12 ҳаял-қыздың
бесеўи өнерментшилик, кондитер өнимлерин писириў, тигиншилик жөнелислери
бойынша ажыратылған 206 млн. сўм жеңиллетилген кредит есабынан өз исбилерменлик
жумысларын жолға қойды, сондай-ақ, Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў фонды
тәрепинен исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетин билдирген 10 ҳаял-қызға 223
млн. сўм муғдарындағы жеңиллетилген кредит есабынан керекли әсбап-үсекнелер
алып берилди.
2020-жылда район аймағында 85 ҳаял-қызларды кәсипке
оқытыў режелестирилген, соннан 20 ҳаял-қызлар Ҳаяллар исбилерменлик орайы
тәрепинен, 18 ҳаял-қызлар районлық Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен
оқытылды, ҳәзирги ўақытта районлық Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен
19 ҳаял-қызларды кәсипке оқытылмақта.
Усы жылдың 17-октябрь күнинен баслап “Ҳаяллар
дәптери” бойынша дизимге алыў жумыслары басланып, 21 ноябрь күни жуўмақланды.
“Ҳаяллар дәптери”не киритилген 41 ҳаял-қызларға өз
исбилерменлигин жолға қойыўы ушын жыллық 3 пайыз үстеме менен 500 млн. сўм
кредит ажыратыў режелестирилген.
Район аймағында ишки туризмди раўажландырыў бойынша “Даўқара” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Бөршитаў” ҳәм оның жанында жайласқан «Қаратерең» көлинде экотуризм бағдары бойынша усы жылы 3500 ден пуқаралар келип дем алып кетти.
Буннан басқада, районда 1 орында
10 адамға мөлшерленген мийман үйи ашылды.
Ҳүрметли депутатлар, ҳүрметли сессия қатнасыўшылары,
Улыўмаластырып айтқанда жоқарыдағы атап өтилген район
аймағында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың ҳәм өзгерислердиң
тийкарында халықтың мәпи, олардың бәнтлиги ҳәмде турақлы дарамат дерегине ийе
қылыў сондай-ақ, мәмлекет бюджетине төлемлерди көбейтиў тийкарғы мақсетимиз
есапланады.
Жыл даўамында жаңадан шөлкемлестирилген исбилерменлик
субъектлери ҳәмде басқада тараўлар
есабынан жәми 362 жаңа жумыс орынлары жаратылған болса усының нәтийжесинде
мәмлекет бюджетине қосымша 443,4 млн.сўмлық төлемлер әмелге асырылды.
2020-жыл ушын 28 млрд. 945,9 млн. сўм реже
белгиленип, бүгүнги күн ҳалатына 26 млрд. 268,2 млн. сўм. (реже 90,7
пайызға) 11 айлық реже 23 млрд. 732,8
млн.сўмға белгиленип, әмелде 25 млрд. 645,3 млн. сўм түсим тәмийнленди (реже 109,7
пайызға орынланды).
2020-жыл ноябрь айы учун 2 млрд. 367,5 млн. сўм реже
белгиленип, әмелде 3 млрд. 113,0 млн. сўм өндирилди (131,5 пайызға
орынланбақта).
Жергиликли бюджетке 2020-жыл 14 млрд. 228,6 млн. сўм
реже белгиленип, бүгинги күнде 14 млрд. 53,4 млн. сўм өндирилип, жыллық реже 98,7
пайызга орынланбақта. Жыллық режени артығы менен орынлаў имканиятымыз бар.
2020-жыл декабрь айы ушын белгиленген реже 1 млрд. 523,6
млн. сўм етип белгиленип бүгинги күнде 589 млн.сўм өндирилди (реже 39 пайызға
орынланбақта). Белгиленген режелерди 1,2 млрд.сўм артығы менен орынлаў бойынша
имканиятларымыз бар.
Ҳүрметли депутатлар, ҳүрметли сессия қатнасыўшылары,
Бул жумысларды даўам еттирген ҳалда кейинги
жыллар ушында алдымызға үлкен режелерди белгилеп алғанбыз.
Соннан:
- санаат тараўында – 59,9 млрд. сўмлық 18 жойбар, 267
жумыс орыны;
- хызмет көрсетиўде– 36,6 млрд. сўмлық 22 жойбар, 390
жумыс орыны;
- аўыл хожалығы тараўында – 43,4 млрд. сўмлық 11
жойбар, 137 жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген.
Соннан:
Социаллық тараўда:
Мектепке шекемги тәлимде
2 жойбар, баҳасы 8,5 млрд.сўм;
Халық тәлими
мәкемелеринде 6 жойбар, баҳасы 23,5 млрд.сўм;
Дене тәрбия ҳәм спорт
объектлеринде 2 жойбар, баҳасы 6,5 млрд.сўм;
Мәденият орайларында 2 жойбар, баҳасы 4,2 млрд.сўм;
Басқа объектлерде 1 жойбар,
баҳасы 2,5 млрд.сўм;
Жолларды реконструкция
қылыўда 3 жойбар, баҳасы 16,1 млрд.сўм;
Электр тамийнаты
системасында 6 жойбар, баҳасы 9,3
млрд.сўм;
Табиий газ тәмийнатында 4 жойбар, 532
млн.сўм;
Ишимлик суў тәмийнаты системасын
реконструкция ҳәм модернизация қылыўда 8 жойбар,
баҳасы 15,9 млрд.сўм;
IT-технологияларын раўажландырыўда 1 жойбар, 473 млн.сўм;
Район орайын
абаданластырыўда 3 жойбар, баҳасы 4,4
млрд. сўм;
Үлгили жойбарда
үй-жайлар қурыўда 1 жойбар, баҳасы 2,5
млрд.сўм;
Кем тәмийинленген ҳәм
жас шаңарақлар ушын көп қабатлы жайлар қурыўда 1 жойбар, баҳасы 2,5 млрд.сўм муғдарындағы режелер
белгиленген.
Буннан тысқары, аўыл
хожалығы тараўында:
Қарарға муўапық, 2021-2022-жылларда Қараөзек ҳәм
Тахтакөпир районларында “Qaraqalpaqstan Agrocluster” ЖШЖ пахта тазалаў заводын
шөлкемлестириу белгиленген.
Соның ишинде,
- 2022-жыл III-шеректе жыллық куўаты 30 мың
тонналық пахта тазалаў заводын шөлкемлестириў;
- 2021-жыл I-шеректе 1 мың гектар жер майданда
суў үнемлеўши технологияларды орнатыў;
- 2021-жыл IV-шеректе жыллық қуўаты 6 мың тонна
жип ислеп шығарыўды жолға қойыў;
- 2021-жыл IV-шеректе жыллық қуўаты 10 мың
тонналық шигитти қайта ислеў заводын қурыў;
- 2022-жыл III-шеректе 12 дана техника сатып
алыў;
- 2021-жыл IV-шеректе 300 бас қарамал бағыўға
арналған шарўашылық комплексин қурыў жумыслары режелестирилген
Президентимиздиң 2020-жыл 2-сентябрь күнги
«Өзбекстан Республикасын Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитети
хызметин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-4817-санлы қарары менен Тахтакөпир
районында 2021-2025-жылларда жәми жайлаў майданы 1,4 млн гектарда инвестициялар
көлеми 2,9 млн. долларлық жами 3 қаракөлшилик кластерлер шөлкемлестирилиўи
белгиленген.
2021-2025-жылларда қаракөлшилик
кластерлери тәрепинен 485 мың бас қаракөл нәсилли қойлары жетистириледи.
(бүгинги күнде 97 мың бас).
Усы жойбарлар тийкарында 1 мың 164 тонна
жүн жетистириў ҳәм оннан 558 тонна ийрилген жип ислеп шығарыўды шөлкемлестириў
белгиленген.
Усы дәўирде 47 мың дана қаракөл терилери
ислеп шығарылыўы белгиленген болса, бул терилерден 20 мың дана таяр өнимлер
ислеп шығарылыўы ҳәмде 2,5 мың доллар әтирапында экспорт кылыў режелестирилген.
Бул илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде келеси
жылларда районның инфраструктураларын жақсылаўға, социал-экономикалық раўажланыўына
ҳәм халықтың жасаў шараятлары жәнеде жақсыланыўына ерисиледи.