22.12.2024, Екшемби

Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги жигирмаланшы сессиясы болып өтти

10-декабрь күни Нөкис қаласы Қарақалпақстан Республикасы Саўда-санаат палатасында Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги жигирмаланшы сессиясы болып өтти. Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң жигирмаланшы сессиясына Олий Мажлиси Сенат ағзасы, Жоқарғы Кеңес депутатлары, қалалық Кеңестиң депутатлары, Нөкис қаласыныӊ сектор басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер, ҳәкимликтыӊ жуўаплы хызметкерлери ҳәм де бир қатар мәкеме, кәрхана басшылары қатнасты.


Сессия күн тартибине муўапық, Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған реформалар бойынша қала ҳәкими ў.а. У.Панаев Халық депутатлары қалалық Кеңесине мүрәжат жоллады. Мүрәжатта қала бойынша усы жылы ҳәр бир тараў бойынша әмелге асырылған ис-илажларға тоқтап өтти.

Социаллық-экономикалық көрсеткишлердиң өсиў пәтлери, халықтың жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын асырыў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылғанлығы, Нөкис қаласында пандемия дәўириниң унамсыз ақыбетлерине қарамастан социаллық-экономикалық раўажландырыўдың белгиленген прогноз көрсеткишлерине ерисиў бойынша зәрүр шаралар көрилгенлиги атап өтилди.


Усы жыл жуўмағына бола, қаладағы ҳәрекеттеги санаат кәрханалары тәрепинен 8 трлн 227,9 млрд. сўмлық санаат өнимлери ислеп шығарылыўы күтилмекте (Республикадағы үлеси 58,8 пайыз;). Нөкис қаласында 2020-жыл даўамында социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған коммерциялық банклер тәрепинен 1745 тен аслам физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жәми

71 млрд. 974,8 млн. сўм муғдарында кредит қаржылары ажыратылған.

Президентимиздиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына хызмет сапары даўамында тастыйықланған инвестиция бағдарламасына муўапық, 2020-2022-жылларда Нөкис қаласы кесиминде улыўма баҳасы 882,6 млрд.сўм болған, 1 639 жаңа жумыс орынларын жаратыўшы 181 жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Усы инвестициялық қаржылардың есабынан «BIO ECO AGRO IMPEKS» (“MYUNGSONG PLACON CO. Ltd”) жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң улыўма муғдары 50 млрд. 400,0 млн.сўм (5,0 млн.доллар шет ел инвестициясы тийкарында) болған 200 жаңа жумыс орнын жаратыўшы «заманагөй гидропоника усылында теплица комплексин қурыў» жойбарластырылған. Усы жойбарды әмелге асырыў ушын Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен “Жийдели байсын” мәкан пуқаралар жыйыны, “Шадлы аўыл” елаты аймағынан 14 га жер майданы ажыратылған ҳәм бул жойбарды жыл ақырына шекем иске түсириў режелестирилген. Бул өз гезегинде сол аймақтағы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге, жумыссызлар санының азайыўына ҳәм “темир дәптер”ден шығарылыўына өз үлесин қосады.


Сондай-ақ, «Nukus Lak Bo`yoqlari» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң улыўма муғдары 10,0 млрд.сўмлық (10 млрд.сўм өз есабынан) қаржы есабынан 30 жаңа жумыс орнын жаратыўшы «Қурылыс материаллары ҳәм лак-бояўларын ислеп шығарыў» жойбарын әмелге асырыў белгиленген. Усы жойбарға Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен “Гөне қала” МПЖ, Х.Абдамбетов көшеси, 18/7 үйде жайласқан қала ҳәкимлиги балансындағы бос турған имараты Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 3-август күнги 213-санлы қарары тийкарында инвестициялық

(1,0 млн.доллар эквивалентинен кем болмаған) ҳәм социаллық (100 жаңа жумыс орны) миннетлемелерин белгилеген ҳалда туўрыдан-туўры “ноль” баланста берилди. Сондай-ақ, 2020-жыл даўамында жәми 860 киши бизнес субъектлери жаңадан шөлкемлестирилип, бүгинги күнде олардың саны
5 394 ти қурайды.

Экспорт көлемин арттырыў бойынша Нөкис қаласында 2019-жылы 6 млн 352 мың доллар болған өнимлер экспортқа шығарылыўы режелестирилген болып, әмелде 7 млн 510 мың доллар болған өнимлер экспортқа шығарылған. 2020-жылдың январь-декабрь айларында
5 млн. 669 мың доллар болған өнимлер экспортқа шығарылыўы режелестирилген болып, әмелде 6 млн. 360 мың долларлық өним экспортқа шығарылған. Яғный, реже 112,2 пайызға әмелге асырылған.

Туўрыдан-туўры сырт ел инвестициялары бойынша 2020-жыл ушын туўрыдан-туўры сырт ел инвестициясы бойынша реже 11,6 млн. доллар, усы жыл январь-октябрь айларында реже 7,6 млн.доллар болған болса, бүгинги күнге режени 13,3 млн.долларға, яғный 175 % ке орынлаўға ерисилди.

Қала аймағында 2020-жылда инвестиция бағдарламасы бойынша мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жәми 12 қурылыс обьектлериниң суммасы 59,8 млрд.сўм болған мәнзилли мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген. Соннан, 2 обьект  жылдан-жылға өтиўши есапланады (Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты имараты қурылысы ҳәм Аймақлық перинитал орайы имаратын реконструкциялаў жумыслары).



Алдыннан қурылып атырған ТашПМИ жанындағы клиника имараты қурылысына 12,281 млрд.сўм ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты имараты қурылысына 15,6 млрд.сўм  пул қаржылары ажыратылған.

Мүрәжатта жаслар бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылған ис-илажларға да әҳмийет қаратылды. Қала халқының 4,7 проценти кәмбағал шаңарақлар есапланып, пандемия шараятында 5 767 шаңарақлар “темир дәптер”ге киргизилген. Қаладағы сақаўат ҳәм қайырқомлық көрсетиўши исбилерменлеримиз ҳәм өз басламалары менен жәрдем көрсеткен мәкемелер тәрепинен алып барылған унамлы жумыслар нәтийжесинде жәми 4 540 шаңарақлар “темир дәптер”ден шығарылды. Бүгинги күнде “темир дәптер”де 1 227, яғный, қала халқының 1,6 проценти мәмлекетлик жәрдемге мүтәж кәмбағал шаңарақлар есабында турады.

Буннан тысқары, усы жылдың 26-августтағы “Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымиша ис-илажлар ҳаққында”ғы
ПҚ-4515 санлы  қарары тийкарында жәрдемге мүтәж болған шаңарақларды бирме-бир үйренип шығылып, «темир даптер»ге киргизилген 3 128 шаңарақтағы 16 жасқа толмаған 6 455  балалардың ҳәр бирине 500 мың сўмнан жәми 3 млрд. 227 млн. 500 мың.сўм төлеп берилди.

Қалада “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда:

-  26 ҳаял-қызға субсидия ажыратыў арқалы теплица қурып берилди;

- 27 ҳаял-қызға коммерциялық банклерден кредит ажыратыўда әмелий жәрдем көрсетилди;

- 305 ҳаял-қыз исбилермен ҳәм фермерлерге бириктирилди;

- 6 ҳаял-қыз қайта кәсипке таярлаў курсында оқытылмақта;

- 37 ҳаял-қыз турақлы жумыс орынларына орналастырылды;

- 13 ҳаял-қыз өзин-өзи бәнт еткен пуқара есабында дизимнен өтти.                   

Нөкис қаласында бүгинги күнге келип шаңарақлық қәдриятларды беккемлеў комиссиясы тәрепинен ажырасыў алдында турған шаңарақларды жарастырыў илажлары көрилмекте. Усы күнге шекем ажырасыў алдында турған 35 шаңарақ жарастырылып, 12 шаңарақ судтан арзаларын қайтарып алған.

“Жаслар дәптери” бойынша қалада 62 555 хожалықта хатлаў жумыслары әмелге асырылып, 49 953 жаслардан анкета сораўнамалары алынды. Хатлаў жуўмағы бойынша 20 787 жас рәсмий бәнт екенлиги,
13 269 жас рәсмий емес бәнт екенлиги ҳәм де 4 239 жас ўақтынша жумыссыз екенлиги анықланды.

Бүгинги күнде Нөкис қаласында 30 жасқа шекемги жаслар саны 174 500ди қурайды. Жаслардың 20 787си рәсмий секторда, 13 269 жас нарәсмий секторда бәнтлиги тәмийинленген.   Усы жылы 3 598 оқыўшылар мектепти питкерип, соннан, 1 134и жоқары оқыў орнына кириўине миясар болған.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке бағдарлаў бойынша 2020-жылдың 11 айы даўамында 1 763 жастың бәнтлиги тәмийинленди. “Жаслар келешегимиз” мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде 2020-жыл даўамында Нөкис қаласында әмелге асырылатуғын жойбарлардың тастыйықланған мәнзилли дизимине 12 млрд. 190 млн. сўмлық 44 жойбар киргизилген. Ҳәзирги күнге келип 11  жойбарға 3 млрд. 952 млн. сўм муғдарында кредит ажыратылған. Және де, “Жаслар келешегимиз” мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде ҳәзирги күнге шекем жасларға исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын Нөкис қаласы аймағынан 115 жасқа жер орынлары ажыратылып берилди.

Сессия күн тәртибиндеги көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, сессиядан соӊ ғалаба хабар қураллары ҳәм блогерлер қатнасында пресс-конференция өткерилип, онда берилген сораўларға ҳәкимликтиӊ жуўаплы хызметкерлери тәрепинен жуўаплар берилди.

Буннан соң пресс-конференция қатнасыўшылары менен Нөкис каласындағы исбилермен субъектлерине пресс турда шөлкемлестирилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети