22.12.2024, Екшемби

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕНИНЕ 28 ЖЫЛ ТОЛДЫ

Мəмлекетимиз Бас Нызамында жəмийет ҳəм мəмлекет, мəмлекет ҳəкимияты ҳəм басқарыў органлары дүзилис ҳəмде искерлигиниң тийкарғы принциплери, олардың ўəкилликлери, пуқаралардың тийкарғы ҳуқық ҳəм ўазыйпалары, жəмийет ҳəм шахс ортасындағы мүнəсибетлери белгилеп берилген. Әмелдеги бəрше нызамлар ҳəм басқа ҳүжжетлер Конституция негизинде ҳəм оған муўапық тəризде қабыл етиледи.

 

1992-жыл 8-декабрьде XII шақырық Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң XI сессиясында қабыл етилген Контитуциямыз мəмлекетимизде ҳуқықый-демократиялық мəмлекет қурыў ҳəм еркин пуқаралық жəмийетин қəлиплестириўде ҳуқықый негиз болып хызмет етпекте. Өзбекстан Республикасы Конституциясы 6 бɵлим, 26 бап, 128 статьядан ибарат болып, онда мəмлекетимиздиң ҳуқықый, демократиялық тəрептен раўажланыўының тийкарғы принциплери белгиленген.


 Быйыл Конституциямыздың қабыл етилгенине 28 жыл толмақта. Сəне мүнəсибети менен Қанлыкɵл районы Мəденият орайында салтанатлы илаж болып ɵтти. Оған район ҳəкими А.Ибрагимов, ҳəким орынбасарлары, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, мəкеме, кəрхана ҳəм шɵлкем ўəкиллери қатнасты.



 Илаж Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан Республикаларының мəмлекетлик гимнлери менен басланды. Соң, район ҳəкими А.Ибрагимов кирис сɵз бенен илажды ашық деп жəриялады ҳəмде бəршени Конституциямыз қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, районлық Әдиллик бɵлими баслығы Т.Асанов Конституцияның мəмлекет турмысында тутатуғын орны ҳаққында кең тəризде түсиник берип ɵтти. Буннан соң, районлық Жаслар ислери агентлиги баслығы Р.Қəлимбетов Конституция ҳəр бир пуқараның мəпин қорғайтуғын, əсиресе, жаслар турмысында əҳмийети айрықша мəмлекетимиздеги баслы ҳүжжет екенлигин мысаллар менен келтирди. Илаж даўамында, районлық Мəденият бɵлиминиң кɵркем ɵнер ғайраткерлери тəрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нəзерине усынылды.

 

Қанлыкɵл районы ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети