1992-жыл 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн. Бул сәне Республикамыз бойлап кең түрде белгиленбекте. Сол қатары Қоңырат район ҳәкимлигинде Конституциямыздың 28-жыллығына арналған илаж шөлкемлестирилди.
Район ҳәкими Қ.Халмуратов район халқын конституциямыздың 28- жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, илажға районымыздағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Байрам илажы районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған
концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қоңырат районы ҳəкимлиги
Мəлимлеме хызмети