Тыныш ҳəм абадан турмысымыздың тийкарғы факторы ҳəм беккем
ҳуқықый нормасы болған – Ɵзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине
жигирма сегиз жыл толыўы мүнəсибети менен Шымбай районында «Конституция-келешегимиз
тиреги» атамасында салтанатлы илəж болып өтти.
Район ҳəкими А.Тəжетдинов бүгинги байрам менен мүнəсибети менен
қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, Ɵзбекстан Республикасы Конституциясының мәмлекетимиз
раўажы жолында тутқан орны ҳəм əҳмийети ҳаққында район прокуроры орынбасары
Б.Байманова шығып сөйледи.
Сөзге
шыққанлар тəрепинен атап өтилгениндей, өзинде миллий ҳəм улыўма инсанийлық
идеяларды жəмлеген ҳəм пүткил халық мəпин сəўлелендирген ғəрезсиз Ɵзбекстан
Республикасының Конституциясы Ўатанымыздың жаңа дəўирин баслап берди.
Шымбай
районы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети