22.12.2024, Екшемби

ЖАҢА ӨЗБЕКСТАННЫҢ ЖАҢА ҲӘМ ЖАРҚЫН КӨРИНИСИ

Елимизде барлық тараў ҳәм тармақларды түп-тийкарынан жаңалаў ҳәм модернизациялаў бойынша ҳәр күни, ҳәр саатта, ҳәр минутта тынымсыз излениўлер, ҳәрекетлер алып барылмақта. Халқымыздың турмысын жақсылаўға қаратылған кең қамтыўлы реформалар кирип бармаған, оның мазмунын өзгертпеген, бирде-бир бағдар ямаса тармақ жоқ.

Кейинги төрт жылда Өзбекстанның жаңа көринисин, халқымыздың шын мәнистеги заманагөй тарийхын қурыў жолында үлкен табыслар қолға киргизилди. Нәтийжеде инновациялық  экономиканы раўажландырыў, санаатқа жоқары технологияларды енгизиў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў жолында жаңадан-жаңа имканиятлар пайда болмақта. Буны коронавирус пандемиясына қарамастан, елимиз аймақларында қурылып атырған ири жойбарлар, үлкен санаат қуўатлықлары мысалында анық көриўимиз мүмкин.



4-декабрь – елимиз тарийхына және бир ири санаат кәрханасы иске қосылған күн сыпатында мөрленетуғын болды. Пайтахтымыздың Янги ҳаёт районында Ташкент металлургия заводы пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет менен өткерилген мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы елимиз экономикасында үлкен әҳмийетке ийе болған усы комплекстиң ашылыўын тарийхый ўақыя, деп атады.

2017-жыл февральда усы заводтың қурылысына тырнақ тасы қойылған еди. Президентимиз 2018-жыл августта бул жерге келип дөретиўшилик жумысларын көзден өткерди. Ҳәр қыйлы сынақ ҳәм қыйыншылықларға қарамастан, мыңлаған пидайы инсанлардың билими және мийнети менен үлкен кәрхана бой тикледи.

Шавкат Мирзиёев буған үлес қосқан жойбарлаўшы ҳәм қурылысшыларға, сырт елли шериклерге миннетдаршылық билдирди.

– Биз инновациялық экономиканы қәлиплестириў, заманагөй санаат, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, сырт еллер ҳәм жетекши компаниялар менен бирге ислесиў байланысларын кеңейтиўге айрықша итибар бермектемиз. Бүгин ҳәр тәреплеме бийбаҳа болған Ташкент металлургия заводының иске қосылыўы бул бағдардағы ҳәрекетлеримиздиң және бир әмелий белгиси, – деди Президент.

Бул завод техникалық ҳәм технологиялық тәмийинлениўи жағынан халықаралық көлемдеги ең ири комплекслер қатарына киреди. Бул жерде 27  мәмлекет, соның ишинде, Италия, Германия, Россия, Австрия, Швейцария, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлерде таярланған әсбап-үскенелер орнатылған.

Атап айтқанда, кәрханада өндирис, технологиялық процесслерди автоматластырыў ҳәм қадағалаў, режелестириў ҳәм басқарыўдың төрт басқышлы системасының енгизилгенин айрықша атап өтиў зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа комплекстиң экономикалық нәтийжелилигине тоқтап өтти. Елимизде қара металлургия раўажланбағаны ушын санаат кәрханалары көп машқалаға ушырасатуғын еди. Енди Ташкент металлургия заводында жылына 500 мың тонна цинк ҳәм полимер қапламалы металл листлер ислеп шығарылады. Бул қурылыс материаллары, турмыслық техника, электротехника ҳәм азық-аўқат санаатындағы жүзлеген кәрханалардың талабын тәмийинлеў имканиятын береди. Алдын бундай өнимлер тийкарынан шеттен алып келинетуғын еди.

Келешекте бул завод автомобиль қурылысы ҳәм аўыл хожалығы машина қурылысы кәрханаларының талабын да қаплаўға хызмет етеди.

Усы комплексте биринши басқышта импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарыў есабынан 400 миллион долларға шамалас қаржы үнемленеди. Локализациялаў дәрежеси сезилерли дәрежеде артады.

Мысал ушын, сэндвич панельлер ҳәм жайдың төбесин бастыратуғын материаллардың өзине түсер баҳасында елимизде ислеп шығарылған өнимниң үлеси 50 проценттен 90 процентке шекем жетеди. Сондай-ақ, бул көрсеткиш вентиляция ҳәм ҳаўа тазалаў системалары бойынша 30 проценттен 50 процентке шекем, турмыслық электротехника ислеп шығарыўда 35 проценттен 50 процентке шекем артады. Өз-өзинен белгили, буның нәтийжесинде өнимлердиң баҳасы арзанласады. Сондай-ақ, завод тәрепинен жылына 90 миллион долларлық өним экспорт етиледи.

Комплексте 700 ге шамалас адам ислейди. Бирақ, түрлес тармақлар менен бирге есаплағанда, 5 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестирилиўи мүмкин.

Завод экологиялық талапларға жуўап беретуғын, «ең жасыл» кәрханалардан бири екени менен де үлкен әҳмийетке ийе. Елимизде биринши мәрте қоршаған орталықты патасландырмайтуғын санаат өндирис технологиясы усы заводта шөлкемлестирилген.

Бул завод дүньядағы алдынғы кәрханалар сыяқлы өнимлердиң сапасы ҳәм өндирис қәрежетлериниң төмен екенлиги менен ажыралып турады. Соның менен бирге, ол базардағы бар ең соңғы 4.10 технологиясынан пайдаланылған ҳалда, өзинен шығындыларды улыўма шығармайтуғын, толық автоматластырылған, интеллектуал завод екенин атап өтиў зәрүр.

Пүткил жер жүзинде бундай технологиялық жақтан раўажланған заводлар техникалық қәнигелердиң жаңа әўладын қәлиплестиреди. Сондай-ақ, дүньядағы ең раўажланған кәрханалар қатарында жаңа мәдениятты жаратып, өзбек металлургиясы ҳәм технология жәмийетшилигиниң абырайын арттырады.

Тез арада жаңа кәрхана Бекабадтағы металлургия комбинаты менен тығыз бирге ислесиўде жумыс баслайды. Бүгинги күнде Бекабадта баҳасы 800 миллион доллар болған жойбар әмелге асырылмақта – 1 миллион тонна өним шығарыў қуўатлылығына ийе қуйыў – прокат комплекси қурылып атыр. Оның өнимлери Ташкент металлургия заводы ушын шийки зат болады. Соның өзи цинк ҳәм полимер қапламалы листлердиң локализациялаў дәрежесин 90 процентке жеткериў имканиятын береди.

– Ҳәрекетлеримиздиң тийкарғы мақсети жақын жылларда бир тутас «нольден таяр өнимге шекемги» болған металл ислеп шығарыў кластерин жаратыўдан ибарат, – деди Шавкат Мирзиёев өз сөзинде.

Мәмлекетимиз басшысы завод Ташкентте жақында шөлкемлестирилген Янги ҳаёт районында жумыс баслап атырғанына итибар қаратты. Кәрханада инженер, жойбарлаўшы, металлург ҳәм басқа қәнигелердиң жаңа әўладының қәлиплесип атырғаны, бул болса келешекте басқа да заманагөй кәрханалар ушын  беккем тырнақ тасы болатуғынын атап өтти.

– Есиңизде болса, биз коронавирус пандемиясынан күшли, қүдиретли болып шығамыз, деп мақсет қойған едик. Бүгин бул қыйын жыл жуўмағына жетип атырғанда барлық ҳәрекетлеримиздиң унамлы нәтийжесин берип атырғанын айтыўымыз мүмкин. Көрип атырсызлар, дүньяда не болып атыр, Өзбекстанда не болып атыр. Қудай қәлесе, усы айдың ақырында метрополитенниң Сергели жөнелисин де ашамыз. Илайым, мине сондай жақсы күнлеримиз көп болсын, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ташкент металлургия заводы – заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм металлургия тараўындағы ең соңғы жетискенликлерди жәмлеген уқсасы жоқ кәрхана болып есапланады. Бул жерде өним сапасы халықаралық стандартлардың талапларына толық жуўап береди. Себеби сапа қадағалаўы өндиристиң ҳәр бир басқышында ҳәм заводтың раўажланған еллерде ислеп шығарылған технологиялар менен үскенеленген орайлық лабораториясында әмелге асырылады. Бул лабораторияда барлық өндирис процесслери ҳәм стандартлары турақлы тексерип барылады, металл прокат ҳәм өнимлердиң қәсийети баҳаланады, алып келинип атырған шийки зат ҳәм материаллардың технологиялық сапасы кириў қадағалаўынан өткериледи.

Кәрханада дүньяның жетекши ислеп шығарыўшыларынан бири – Италияның «Даниели» компаниясының үскенелери орнатылған. Бас жойбарлаўшы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши – Россияның металлургия тараўындағы ең ири инжиниринг компанияларынан бири болған «Метпром» компаниялар топары болып есапланады.

Илажда Россия Федерациясының санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди, ири жойбарларды қоллап-қуўатлап атырғаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

– Сизлерди усы әжайып ўақыя, заманагөй санаат кәрханасының ашылыўы менен қутлықлайман. Мәмлекетлеримиздиң биргеликтеги ҳәрекетлери себепли жүдә әҳмийетли жойбар иске қосылды. Жойбарды әмелге асырыўда отыздан аслам кәрханаларымыз, мыңнан зыят ҳәр қыйлы бағдардағы жоқары қәнигели қәнигелер тартылды. Биз буннан былай да Өзбекстанда кең көлемли жойбарларды әмелге асырыўға ҳәм қоспа кооперацияны раўажландырыўға қатнасыўға таярмыз. Пурсаттан пайдаланып, келеси жылы апрельде Ташкентте «Иннопром» халықаралық инвестициялық ҳәм санаат көргизбесиниң өткерилетуғынын айтпақшыман. Онда Россия ҳәм Өзбекстан кәрханалары, сондай-ақ, елиңиздиң санаатын раўажландырыўдан мәпдар сырт ел компаниялары қатнасыўы мүмкин. Бул көргизбе жаңа перспективалы жойбарларды ислеп шығыўға хызмет ететуғынына исенемен, – деди Д.Мантуров.

– «Метпром» компаниялар топары кейинги бес жылда 50 ден аслам ири металлургия кәрханаларының қурылысында қатнасты. Ташкент металлургия заводы Орайлық Азиядағы ең заманагөй ҳәм алдынғы завод болып есапланады. Бундай кәрхананы қурыўды бизге тапсырғаны ушын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкиметине миннетдаршылық билдиремиз, – деди «Метпром» компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Станислав Лазуткин. – Бул жойбар Өзбекстан металлургия тармағы ушын жүдә зәрүр. Жойбар қысқа мүддетте әмелге асырылды, тилекке қарсы, қурылыс-монтажлаў жумысларының ҳәўиж алған ўақты пандемия дәўирине туўра келди. Биз коронавирус тәсири минимал болып, жойбардың мүддети ҳәм баҳасына тәсир етпеўин тәмийинлеўде ҳәр қандай жәрдемди аямағаныңыз ушын миннетдаршылық билдиремиз. Исенимли шериклерсиз бундай көлемли жойбарды әмелге асырыў имкансыз. Соңғы төрт жылда Өзбекстан санаатында үлкен өзгерислер жүз берди, бул бизди қуўандырады. Ташкент металлургия заводы мәмлекеттиң раўажланып баратырған экономикасында мүнәсип орын ийелейди.

– Бүгин биз Өзбекстан ушын әҳмийетли стратегиялық жойбардың биринши басқышын жуўмақладық. Бул үлкен жаңаланыўлар болып атырған бүгинги шараятта Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен белгилеп алынған мақсетлерге толық сай келеди. Бул жойбар ҳәм биз Бекабадта әмелге асырып атырған екинши басқыш – қуйыў-прокат комплекси арқалы Өзбекстандағы жумысымызды кеңейтемиз, елиңиздиң технологиялық имканиятларын жоқарылатамыз. раўажланыў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм саўда-экономикалық байланыслар көзқарасынан пайда келтиретуғын елиңизди импорт етиўшиден экспорт етиўши мәмлекетке айландырамыз, –  деди Италияның «Даниели» компаниясының бас директоры Даниели Жакомо Марески.

-Бүгин Янги ҳаёт районы тарийхындағы ең қуўанышлы ўақыяның гүўасы болып турмыз. Өзбекстан ушын жүдә үлкен әҳмийетке ийе завод районымызда қурылып атырғаны бизди шексиз қуўандырды, – деди мийнет ветераны Искандар Ҳайитов. – Бул жерде завод ушын зәрүр инфраструктура, турақ жайлар, бақшалар, мектеплер, турмыслық хызмет объектлери қурылды. Басқаша айтқанда, турмыстан разы болып жасаў. ислеў ушын барлық қолайлықлар жаратылды. Көп адамлар усы кәрханаға жумысқа орналасты. Буннан районымыз халқы жүдә қуўанышлы.

– Москвада оқып жүргенимде Ташкент металлургия заводының қурылысы ҳаққында еситкен едим. Оқыўды тамамлағаннан соң бириншилер қатарында усы жерге жумысқа жайластым, – деди кәрхананың жас операторы Жасур Азимов. – Биз технологиялық процессти басқарыў ушын Россияның көзге көринген металлургия комбинатларында маманлық арттырдық. Енди үйренгенлеримди усы заводтағы жумысымда қолланаман.

Буннан соң Ташкент металлургия заводының жумысына старт бериўши символикалық түйме басылды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Ташкент металлургия заводындағы технологиялық процесс пенен танысты.

Бул кәрхана техникалық ҳәм технологиялық жақтан халықаралық көлемдеги ири комплекслер қатарына киреди.

Комплекс жуўапкерлери ислеп шығарыўшылар менен жолға қойылатуғын кооперация байланыслары ҳаққындағы мағлыўмат берди. Завод өнимлерине ҳәзирдиң өзинде онлаған кәрханалардан буйыртпалар түсип атырғаны айтылды.

– Металл машқала болғаны ушын санаатта шынжыр жоқ еди. Бул заводтың иске қосылыўы менен талап жоқары болған металлургия өнимин ислеп шығарыў шынжыры қәлиплеседи. Аймақларда және жүзлеген кәрханалардың қурылыўы ушын жүдә үлкен тийкар болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы заводтың шоурумында да болып, бул жерде ислеп шығарылатуғын өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди.

Естелик ушын терек нәли егилди.

Улыўма айтқанда, миллий экономикамыздың металлургия өнимлерине болған талабын тәмийинлеўде үлкен тарийхый қәдем қойылды. Жаңа завод жедел пәтлер менен раўажланып, санаатымыз локомативлеринен бирине айланады. Президентимиздиң атап өткениндей Ташкент металлургия заводы жаңа Өзбекстанның жаңа ҳәм жарқын көриниси болып қалады.

 

З.ЖОНИБЕКОВ,

Н.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршылары