ӨФА техник директоры Сергей Арсланов пенен ӨзПФЛ Бас директоры ў.ў.а Диёр Имомхўжаев басшылығындағы исши топар Қарақалпақстанда футболды раўажландырыў, атап айтқанда "Арал" футбол клубының материаллық-техникалық базасын жақсылаў ҳәм оның келеси мәўсимде Про-лигада қатнасыўы мәселесин үйренип шықпақта.
Соның ишинде, "Туран" стадионының бүгинги күндеги
жағдайы, келешекте "Арал" футбол клубына бириктирилиўи режелестирилип
атырған обьектлер ҳәм клубтың инфраструктурасын жетилистириў бойынша режелер
менен танысты. Исши топар ўəкиллери
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Мурат Камалов ҳəм
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев пенен
сөйлесиўлер алып барды. Онда «Арал» футбол клубын раўажландырыў, клубты
басқышпа-басқыш заманагөй көриниске алып келиў мəселелери додаланды.