УзПФЛ директоры Диёр Имомхўжаевты Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев қабыл етип футболымыз келешеги
бойынша сөйлесиўлер алып барды. Арал футбол командасының материаллық-техникалық
базасы менен жақыннан танысқан Диёр Имомхўжаев оны Про-лигаға шығарыў
имканиятларын жаратыў бойынша өзиниң пикир усынысларын билдирди.
ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети