Ɵзбекстан Республикасы Президенти жанындағы
Мəмлекетлик басқарыў академиясы тəрепинен ҳəптениң ҳəр жума күни Академияның
орайлық студиясы арқалы мəмлекетлик хызметкерлердиң сиясий-ҳуқықый билимлерин
арттырыў мақсетинде видеоконференцбайланыс
түринде «Сиёсий (маърифат)» саатлар шөлкемлестирилмекте.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер
Кеңесинде гезектеги “Сиёсий (маърифат)” саатлары өткерилди. Онда ҳəпте даўамында қабыл етилген норматив-ҳуқықый
ҳүжжетлер, олардың мазмун-мəнисине тоқталып өтилди. Соның менен бирге “Ҳаяллар
дəптери” оған кирген пуқаралардың бəнтилигин тəмийинлеў кəсипке таярлаў
мəселелерине де айрықша итибар қаратылды.
ҚР Министрлер
Кеңеси Мəлимлеме хызмети