Елимизде имканияты шекленген инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, имкәниятлар теңлигин тәмийинлеўге қаратылған ис-илажлар әмелге асырылып келинбекте. Бүгинги күнде районымызда улыӯма имканияты шекленген пуқаралардың саны 3631 ди қурайды. Бүгин бир қатар имканияты шекленген пуқаралардың жағдайынан хабар алынды. Дәслеп районымыздағы Мүриӯбет ерлер интернат үйиндеги тарбияланыӯшыларға кийим-кеншек, азық-аӯқат өнимлери район ҳәкимлиги тәрепинен тапсырылды.
Оннан соң 24-санлы Мәмлекетлик
көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкеминде өткерилген
байрам балаларға баҳалы саӯғалар тапсырылды. Сондай-ақ, район орайында
жайласқан «Азиза» ресторанында имканияты шекленгенлер ушын байрам дәстүрханы
жайылды. Кешеге район ҳәкимлиги, Халық билимлендириў бөлими, Жаслар аўқамы
районлық Кеңеси ҳәмде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлиминиң
тийисли ўәкиллери қатнасып, «3-декабрь Халықаралық майыплар күни» мүнәсибети
менен жыйналғанларды байрам менен қутлықлап оларға естелик саўғаларын тапсырды.
Илаж районлық Мәденият бөлими хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламы
менен даўам етти.
Шымбай районы ҳəкимлиги
Мəлимлеме хызмети