22.12.2024, Екшемби

Жаслар бәнтлигин тәмийнлеў мәселеси додаланды

Шымбай районы  ҳәкимлигинде «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаяллар дәптери»ниң қәлиплестирилиўи бойынша мəжилис болып өтти. Онда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы  баслығы, сенат ағзасы А.Данияров,  район ҳәкими А.Тажетдинов сондай-ақ  мәкеме, шөлкем баслықлары қатнасты.



Мәжилисте жумыссыз жаслардың «Жаслар дәптери»не киритилиўин қатаң қадағалаўға алыў, сондай-ақ, олардың бəнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос жумыс орынларын жаратыў, өзин-өзи бәнт етиў бойынша нәтийжели ис-илажлар белгилеп алынды.

Шымбай районы ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети