Ҳәр бир миллеттиң өз ана тили болады. Оны қәстерлеп сақлаў, келешек әўладқа жеткериў ҳәр бир инсанның әдиўли миннети саналады.
Мине, бүгин қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги
берилгенлигине 31 жыл толмақта. Усы байрам мүнәсибети менен Республикамыздың
барлық билимлендириў орынларында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде
ушырасыўлар, конференциялар ҳәм байрам концерт бағдарламалары
шөлкемлестирилмекте. Елимизде мәмлекетлик тилди раўажландырыўға, оны еле де
байытыўға ҳәм сап ҳалында келешек әўладларға жеткериўге айрықша итибар
қаратылмақта. Келешегимиз болған жас әўлад ушын ана тилимиз болған қарақалпақ
тилинде жаңа сабақлықлар менен қолланбалардың, әдебий китаплардың, китапша ҳәм
монографиялар баспадан шығарылмақта. Және де ана тилимизди раўажландырыўға
бағышланған илимий әнжуманлар менен илажлар шөлкемлестирилмекте.
Сондай-ақ, ана тилимизди буннан былай да байытыўға айрықша
итибар қаратылып, бул бағдарда бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылмақта.
Хабарыңыз бар, өткен 2019-2020-оқыў жылынан баслап Наўайы мәмлекетлик
педагогикалық институтында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарының ашылғанлығы
сондай-ақ, ана тилимиздиң қоңсы ўәлаятларда ғана емес, яғный дүньяның бир қатар
раўажланған еллеринде әсиресе, Түркияның Измир университетинде халықаралық
жойбарлар тийкарында үйренилип атырғанлығы сөзимизди дәлийллейди. Мине,
булардың барлығы ана тилимизге, халқымыздың мәнаўиятына деген жоқары
итибар ҳәм ғамқорлықтың көриниси болып табылады.
Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта дүньяда жети
мыңға шамалас тиллер болғаны менен, олардың тек 170 тен асламы өзиниң
мәмлекетлик тил статусына ийе болып, олардың арасында қарақалпақ тилиниң де бар
екенлиги бизди қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлерге бөлейди.
Солай екен, Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги
берилгенлигине быйыл 31 жыл толыўы мүнәсибети менен республикамыздың барлық
халқын байрам менен шын жүректен қутлықлайман. Ана тилимиздиң жәмийеттеги
абырайын, қәдир-қымбатын жоқары дәрежелерге көтериў, оны келешек әўладқа
жеткериў ҳәр биримиздиң әдиўли миннетимиз болып есапланады.
Мухтар ИБРАГИМОВ,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасыныӊ депутаты,
Илим, билимлендириў, мәденият
ҳәм спорт мәселелери комитети ағзасы
Қарақалпақстан хабар агентлиги