Ана тили - миллеттиң жаны, руўхы, ҳәмме
нәрсеси. Тил - мәмлекеттиң мүлки. Тилди сақлаў, раўажландырыў - миллеттиң
жетискенликлерге ерисиўине тийкар салады. Бүгин Қанлыкөл районы Мәденият
орайында 1-декабрь - Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине
31 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Сондай-ақ, усы илаж шеңберинде, сәне мүнәсибети менен
шөлкемлестирилген таңлаў жеңимпазлары район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған
баҳалы саўғалар ҳәм диплом менен сыйлықланды.
Қанлыкөл
районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети