Ɵзбекстан Республикасы Президенти
жанындағы Мəмлекетлик басқарыў академиясы тəрепинен ҳəптениң ҳəр жума күни
Академияның орайлық студиясы арқалы мəмлекетлик хызметкерлердиң сиясий-ҳуқықый
билимлерин арттырыў мақсетинде видеоконференцбайланыс түринде «Сиёсий (маърифат)» сағатлар
шөлкемлестирилмекте.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесинде гезектеги “Сиёсий (маърифат)” саатлары өткерилди. Онда мəмлекетимизде
социаллық-экономикалық тараўларда əмелге асырылып атырған реформалар ҳəм қабыл
етилип атырған қарарлар, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, олардың мазмун-мəнисине тоқталып
өтилди.
ҚР
Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети