Жақында социаллық тармақ пайдаланыўшыларынан бири пуқара Г.Каньязова
тəрепинен Ɵзбекстан Республикасының 11.07.2008-жылдағы «Майыпларды социаллық
жақтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамының бир
неше бəнтлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тəрепинен
бузылғанлығы яғный имаратқа кириў жеринде пандустың
жоқ екенлигин сынға алып социаллық тармақларда пост қалдырған.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси имаратына кириў есигинде пандус бар. Бул бүгин я кеше қурылған пандус емес. Сүўретлерге итибар етип қарасаңыз оның алдыннан бар екенлигиниң гүўасы боласыз.
Социаллық тармақ пайдаланыўшылары тəрепинен ҳəр қыйлы тастыйықланбаған
фото, видео көринислердиң ҳəм мағлыўматлардың кең жəмийетшиликке тарқатылыўы нəтийжесинде
унамсыз жағдайлар келип шығыўы мүмкин.
Соның менен бирге ҳəр бир шахс социаллық тармақларда тарқатқан мағлыўматы
ушын нызам алдында жуўапкер екенлигинде умытпаўымыз керек.
Ҳүрметли социаллық тармақ пайдаланыўшылары! Ҳəр бир шығарған постыңызды сергеклик
пенен, фактлерге сүйенген ҳалда ҳəм терең ҳуқықый билим менен жазыўыңызды сорап
қаламыз. Тийкарланбаған ҳəм жалған мағлыўмат тарқатыў ҳəкимшилик
жуўапкершиликке тартыўға себеп болатуғынын умытпаң.
ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети