22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстанда Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти шөлкемлестирилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти шөлкемлестирилмекте. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

 

Қарақалпақ тилиниң халқымыздың социаллық турмысында абыройы ҳәм орнын және де арттырыў, өсип киятырған жасларымызды Ўатанды сүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық, уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасының даўамшысы руўхында тәрбиялаў, елимизде мәмлекетлик тилди толық енгизиўди тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған департаменттиң тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўы үстинен мониторингти әмелге асырыў, бул тараўда жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели түрлерин енгизиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша жумысларын муўапықластырыў;

мәмлекетлик тилдиң ҳәрекет етиўи менен байланыслы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў, сондай-ақ, оны раўажландырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў бойынша усыныслар таярлаў;

қарақалпақ тилиниң жазыў нормалары ҳәм қағыйдаларын жетилистириў ҳәмде латын графикасына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин толық енгизиў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў;

мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў;

мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша бағдарламалар ҳәм
«жол карта»ларын ислеп шығыў, олардың әмелге асырылыўын қадағалаў, сондай-ақ, «Қарақалпақ тили байрамы күни»н белгилеў бойынша жумысларды муўапықластырыў;

илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды айланысқа енгизиў, заманагөй атамалардың қарақалпақша сыңарларын жаратыў ҳәм бир түрде қолланылыўын тәмийинлеў, географиялық ҳәм басқа да топонимикалық объектлерге нызам ҳүжжетлерине муўапық атама берилиўи бағдарындағы жумысларды мониторинг етиў ҳәм муўапықластырыў;

мәмлекетлик тилди раўажландырыўға байланыслы илимий-изертлеў жумысларын қоллап-қуўатлаў, бул тараўда халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усы қарардан келип шығып, илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий айланысқа енгизиў бойынша Атамалар комиссиясын шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын тәртипке салыў ҳаққында қарар қабыл етиў, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамын бүгинги күнниң талапларына сай жетилистирген ҳалда оның жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыў ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усыныў ўазыйпалары жүкленди.

 

Буннан тысқары, Министрлер Кеңеси елимиздиң социаллық турмысының барлық тараўларында мәмлекетлик тилдиң имканиятларынан толық ҳәм дурыс пайдаланыўға ерисиў, билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик тилди үйрениў ҳәм оны билиў дәрежесин баҳалаў системасын және де жетилистириў, мәмлекетлик тилдиң илим-пән тили сыпатындағы абырайын арттырыў, мәмлекетлик тилдиң тазалығын сақлаў, оны байытып барыў ҳәм халықтың сөйлеў мәдениятын арттырыў  бағдарларын өз ишине алған 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәмде тил сиясатын жетилистириў концепциясын ҳәм мәмлекетлик бағдарламасын ислеп шығыў илажларын да әмелге асырады.

 

Соның менен бирге, жоқарыдағы концепция ҳәм мәмлекетлик бағдарламадан мәмлекетлик тилдиң мәлимлеме ҳәм коммуникация технологиялары, атап айтқанда, дүнья жүзилик интернет тармағында ылайықлы орын ийелеўин тәмийинлеў, қарақалпақ тилиниң компьютер бағдарламаларын жаратыў, мәмлекетлик тил қағыйдаларының бузылыўы менен байланыслы жағдайларды турақлы түрде ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм оларды сапластырыў бойынша илажлар ислеп шығыў, елимиз аймағында жасап атырған барлық миллет тиллериниң раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратыў, оларға мәмлекетлик тилди үйрениў ушын қолайлы шараятлар жаратып бериў сыяқлы ўазыйпалардың да орын алыўы белгиленди.

 

Әлбетте, шөлкемлестирилип атырған бул департамент ана тилимизди еле де раўажландырып, абырайын және де арттырыўда, тил тазалығын сақлаўда, жас әўладты ўатансүйиўшилик, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын тутатуғынына беккем исенемиз.