Қарақалпақ тилине
Мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң отыз бир жыллығына бағышланады
Дүнья жаралғанлы бери инсаният бүгинги күнге шекем дәслеп қәўимлер, тайпалар болып жасап келип, әсирлер даўамында өз алдына халық, миллет болып қәлиплесиў дәўирлерин бастан кеширди. Раўажланыўдың бул басқышларында, әлбетте, ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин белгилеўде ана тилиниң орны үлкен әҳмийетке ийе болды. Соның ушын да, тил ҳәр бир миллет мәдениятының өзеги саналады. Тилдиң сақланыўы халықтың раўажланыўы ҳәм келешегин белгилейди. Тил қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, халықты, инсанларды бирлестиреди, тәлим-тәрбия береди ҳәм ең баслысы миллий қәдириятларын сақлайды.
Қарақалпақ
халқы да өзиниң көп әсирлик миллий-мәдений тарийхына, бай үрп-әдет
дәстүрлерине, аўызеки дөретпелерине ийе халық. Өзиниң узақ өтмиши даўамында
қарақалпақ халқы да көплеген тарийхый шараятларды, аласапыранлы жылларды бастан
кеширди. Сонша қыйыншылық, жаўгершиликлерди көрген бул мәрт халық өзиниң миллий
қәдириятларын, соның ишинде Ана тилин жоғалтпай бүгинги күнге шекем жетип
келиўине еристи. Ана тилиниң инсанды қәншелли дәрежеде руўхландырыўшы күш
екенлигин, тарийх сынақларын халық пенен бирге мәрдана жеңип өтиўин қарақалпақ
халқының уллы сөз шебери, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
халық шайыры Ибрайым Юсупов өзиниң «Ана тилиме» қосығында күтә шеберлик пенен
сүўретлейди:
Ана
тилим сен басқадан айырмам,
Сен
турғанда менде әдеўир шайырман.
Сонша
қатал сүргинлерде жоғалмай,
Бул
күнлерге жеткениңе қайылман.
Тилдиң
миллет руўхын сәўлелендириўши қурал, ой-пикир дүньясын жүзеге шығарыўшы иләҳий
күш екенлигин терең аңлаған республикамыздың зыялы қатлам ўәкиллериниң ҳәм де
қәнигелердиң талпыныслары арқасында буннан саррас отыз бир жыл алдын қарақалпақ
тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилди. Яғный, 1989-жыл 1-декабрь күни
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында қарақалпақ тилине
мәмлекетлик тил атағы берилди. Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил
туўралы» Нызамының 1-бабына сәйкес: «Қарақалпақ тили – Қарақалпақстан
Республикасының Мәмлекетлик тили болып табылады. Қарақалпақстан Республикасы
өзиниң аймағында тилге байланыслы барлық мәселелерди шешиў ҳуқықына ийе», — деп көрсетилген.
Ал, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 4-статьясында болса,
қарақалпақ тили ҳәм өзбек тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили
болып табылады, деп көрсетилген.
Қарақалпақ
тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўиниң ҳуқықый тийкарда кепиллениўи
өзлигимизге қайтыў, миллий қәдириятларымызды ҳүрметлеў, минберлерде де өз ана
тилимизде сөйлеў, ең баслысы ой пикиримиздиң миллийликтен азықланыўына,
раўажланыўына ерисилди.
Қарақалпақстанда
Министрлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин
арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин
тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымы шөлкемлестирилгени
жоқарыдағы пикирлеримиздиң айқын мысалы.
Бүгинги
күнде Республикамызда миллий тилдиң абыройы, қәдир-қымбаты ҳәр қашанғыдан да
артты. Жәмийетлик турмысымыздың барлық тараўларында – басқарыў ҳәм рәсмий
қарым-қатнасықларда қарақалпақ тилинен кең пайдаланылмақта. Бул тилимизди еледе
тереңирек үйрениўге, жас әўладқа үйретиўге болған зәрүрликти бирқанша арттырды.
Бүгинги күнге келип билимлендириў тараўының барлық буўынларында қарақалпақ
тилин үйрениўде перзенлеримизге сөйлеў мәдениятын басқа тиллерден ажырата
билген ҳалда, сап ҳалында қәлиплестирип, тил билиминиң жаңа жетискенликлерине
таянып, миллий грамматикалық қағыйдалар негизинде жазба ҳәм аўызеки сөйлеўди
өсириўге қаратылған әмелий жумыслар жолға қойылды. Усы көз қарастан ана тили
сабақлары жаслар ой-өрисиниң кеңнен өсип раўажланыў сабақларына айланып
бармақта. Себеби, миллий өзликти аңлаў, миллий сана сезим ҳәм миллий
қәдириятлар ҳәр бир оқыўшы ҳәм студентлердиң бәршесиниң дүньятанымына теңсиз
азық бериўши, таўсылмас тийкар деп айта аламыз. Демек, инсанның ой-өриси
раўажланса тил раўажланады, оның есап-сансыз имканиятлары артады, сөйлеў
мәдениятының артыўына, логикалық пикирлеў шеңбери кеңейиўине ерисиледи. Анық
ҳәм тынық пикирлейтуғын инсан, бәршеге түсиникли ҳәм рәўан сөйлейди. Себеби,
тил билими қарақалпақ тили бирликлериниң системалы имканиятларын ашып береди,
тил арқалы белгили бир қатнасты жүзлеген усыл ҳәм қураллар арқалы сәўлелендириў
усылларын қолланыўды үйретеди.
Ана
тилиниң шексиз имканиятларынан және бири – бул жас әўладты ўатансүйиўшилик
руўхында тәрбиялаўда ең нәтийжели қураллардан бири екенлиги. Қарақалпақ тилиниң
усы орындағы имканияты, оның бай халық аўызеки әдебияты үлгилерине барып
тақалады. Ҳәзирги күнде қарақалпақ фольклорының жүз томлығы баспадан шығарылды.
Бундай үлкен көлемдеги мийрас пенен ҳеш бир халық мақтана алмаса керек. Себеби,
усы көп томлықта қарақалпақ халқының өтмиши, салт-дәстүрлери, арзыў-әрманлары,
тарийхый тулғалардың қаҳарманлықлары миллий тиллик өзгешеликлери менен толық
сәўлелениўин тапқан. Мине, усы шығармаларды оқыў, ондағы сүўретленген
ўақыяларды ой-пикир тәрезисине салыў арқалы ҳәр бир қарақалпақ перзенти
қәлбинде миллий мақтаныш сезимлери, ана тилине, оның әдебиятына сүйиспеншилиги
артып, Ўатан деген уллы мәсканға деген муҳаббат туйғыларының еледе артыўы
сөзсиз. Енди тек ғана, биз, зыялы қатлам ўәкиллеринен, педагоглардан талап
етилетуғын нәрсе бул мийрасларды заманагөй усылларда келешек әўладларымыз
қәлбине қуйыўдан ибарат.
Өзбекстан
Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июнь күнги ПҚ-4366-cанлы Қарары менен
ҳәкимшилик органларында, жәмийетлик шөлкемлерде, жоқары оқыў орынларында
Баспасөз хаткери лаўазымының енгизилиўи жәмийетимизде қарақалпақ тилиниң
қолланылыў мүмкиншиликлериниң артыўына, соның менен бирге, тилдиң тазалығына
итибар қаратылыўына кең имканиятлар жаратты. Себеби, баспасөз хаткери
лаўазымының енгизилиўи менен ҳәр бир мәкеме өз жәмәәтинде болып атырған
жаңалықлар, тараўда жүз берип атырған реформаларды кең жәмийетшиликке ғалаба
хабар қураллары ҳәм де интернет тармақлары арқалы тез ҳәм сапалы мағлыўматлар
берип барыў мүмкиншилигине еристи. Ең әҳмийетлиси, енди бундай жаңалықлар
тийисли тараў қәнигелери тәрепинен әмелге асырылыўы буннан алдын социаллық
тармақларда көп ушырасатуғын грамматикалық ҳәм стильлик қәте-кемшиликлердиң
азайыўына себепши болды.
Қарақалпақ
тилиниң жоқарыда атап өткенимиздей жәмийетлик турмысымыздың барлық
тараўларында, тәлим-тәрбияда кең имканиятларының бар екенлиги бизди шексиз
қуўандырады, әлбетте. Бирақ, тилдиң тазалығын сақлаў, ана тилинде сөйлеў
нормаларының бузылыўына жол қоймаў бағдарындағы жумысларымыз еледе жеткиликсиз,
алдымызда әмелге асыратуғын ўазыйпаларымыз еледе көп. Өйткени, ана тилге итибар
қаратыў ушын ҳәр биримиз жуўапкермиз, ең баслысы оны терең үйрениў ҳәм үйретиў
мәселелери бағдарындағы жуўапкершиликти буннан былай да күшейтиў ўазыйпасын
алдымыздағы ең әҳмийетли машқала деп қараўымыз тийис.
Соның
ушын, елимизде Мәмлекетлик тил сыпатында қарақалпақ ҳәм өзбек тилиниң
гүллеп-жаснаўы ҳәм кең түрде раўажланыўы, ең дәслеп, бүгинги күнде тәлим-тәрбия
орынларының барлық буўынларында хызмет етип атырған оқытыўшылар,
устаз-муғаллимлердиң пидайылығына байланыслы. Демек, бүгин Қарақалпақстанда
хызмет етип атырған ҳәр қандай зыялы инсан – ҳәм қарақалпақ тилиниң, ҳәм
өзбек тилиниң тийкарғы имла қағыйдаларын пуқта өзлестирген ҳәм де саўатлы жазыў
көнликпесине ийе болған болыўы лазым. Бул жағдай оның усы елдиң ҳақыйқый ўатансүйиўши
пуқарасы сыпатында тек ғана еки тилге болған ҳурметин ғана емес, ал, усы елге,
усы журтқа болған ҳүрметин ҳәм де өз шәкиртлерине болған жоқары үлги ийеси
екенлигин көрсетеди.
Бүгинги
күнде қәнигелеримиз қарақалпақ тилиниң әҳмийетин, оның жәмийеттеги орнын,
абыройын арттырыў бойынша бир қанша жумыслар алып бармақта. Қарақалпақ тилине
мәмлектелик тил бийлиги берилиўи ҳаққындағы Нызам ҳарекетте, нызамда
белгиленген талаплар орынланып атыр. Деген менен, ҳәзирги глобалласыў
шараятында заманагөй технологиялардың тез пәт пенен раўажланып баратырғанлығын
есапқа алып, дыққат қаратылыўы лазым болған талаплардан, әсиресе, орынларда,
қала ҳәм район аймақларындағы дағазалар, баннерлердиң сәўлелениўинде,
жәмийетлик шөлкемлерде рәсмий ис қағазларын жүргизилиўинде қатаң талапларды
енгизиў лазым. Сондай-ақ, заман талапларына сай рәўиште қарақалпақ тилин
мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар қурылмаларына еледе тереңирек енгизиў
тилимиздиң дүньялық көлемде танылыўына имканият есиклерин ашары сөзсиз. Бул
процести тез арада әмелге асырыўда ҳәр биримиздиң кеўлимизде елимизге,
тилимизге болған муҳаббат, пидәкерлик ҳәм терең жуўапкершилик сезимлериниң
болыўы лазым, деген пикирдемиз.
Ҳәзирги
ўақытта қарақалпақ тилин сырт еллерде үйрениў мәселесине де айрықша итибар
қаратылып, дүньяның көплеген раўажланған мәмлекетлериндеги илим дәргайлары,
жоқары оқыў орынларында қарақалпақ тилин өз алдына тил сыпатында үйренип
атырғанын мақтаныш пенен атап өтсек болады. Мәселен, Россия, Түркия,
Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Польша сыяқлы еллердиң жоқары оқыў орынларында
қарақалпақ тилиниң тиллик өзгешеликлери, имканиятлары бойынша илимий изертлеў
жумыслары алып барылмақта.
Сөзимиздиң
жуўмағында пүткил республикамыз халқын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик
педагогикалық институтының кең жәмәәтишилиги атынан жақынласып киятырған қутлы
сәне – қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен
қызғын қутлықлаймыз! Қәлбимизде ана тилимизге болған меҳир ҳасла сөнбесин!
Қувондиқ Қадиров,
Әжинияз атындағы Нөкис
мәмлекетлик педагогикалық институтының Жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша
проректоры.