22.12.2024, Екшемби

Сенаторлар Бозатаўда

Усы жылдыӊ ноябрь айында қабыл етилген «2020-2023 жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында» ғы Президент қарарында  жаӊадан шөлкемлестирилип жаӊаланып атырған Бозатаў районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, әсиресе,  аймақта исбилерменлик тараўын жетилистириў бойынша қатар жеӊилликлердиӊ белгилеп берилиўи район халқы ушын үлкен имканият, жақсы жаӊалық болды.

Районда әмелге асырылып атырған көлемли жумыслардыӊ барысы ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда жүзеге келип атырған машқалаларды үйрениў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилис Сенаты ағзалары Р.Алимов ҳәм А.Данияров Бозатаў районында болды.


Дәслеп сенат ағзалары район орайындағы ири ислеп шығырыўшы кәрханалардан бири  «BOZ-TEX» текстил фабрикасында болды. Ол жерде кәрхананыӊ ислеп шығарыў көлеми,  өнимлердиӊ сапасы ҳәм жумысшылар ушын жаратылған шараятлар менен  танысты. Буннан кейинги мәнзил районда жаӊадан бой тиклеген заманагөй имарат  «Жаслар орайы» болды. Бунда мийманлар  районымызда жасларға жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысып, қәбилетли жаслар менен ушырасты.

Район ҳәкими М.Кайпанов сенат ағзаларын қарар тийкарында районда әмелге асырылыўы лазым болған инвестициялық жойбарлар менен таныстырды. Атап айтқанда,  Бозатаў районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың жасаў шәраятын жақсылаў мақсетинде 165,7 млрд.сўмлық 77 жойбарды әмелге асырыў белгиленген болып, бул жойбарларды орынлаў арқалы район халқыныӊ жумыссызлық дәрежеси қысқартылып, экономиканыӊ өсиў дәрежеси жоқары болатуғынлығы атап өтилди.

Район ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында сенат ағзаларыныӊ Халық депутатлары районлық Кеӊес депутатлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары менен ушырасыўы өткерилди. Онда жуўмақланып атырған жылда әмелге асырылыўы лазым болған жойбарлардыӊ орынланыў нәтийжелери ҳәм орынлаўда жүзеге келип атырған машқалалар бойынша сәўбетлесилди, пикир-усыныслар тыӊланып, жуўапкер қәнигелерге ўазыйпалар белгилеп берилди.

Алдағы ўақытларда орынланыўы тийис болған әҳмийетли жойбарлардыӊ әмелге асырылыўында халық тәрепинен сайлап қойылған депутатлардыӊ тутқан орны айрықша екенлиги атап өтилди ҳәм бул бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, Сенат ағзалары Р.Алимов ҳәм А.Данияров райондағы   ең ири жойбарлардан бири “BOZATAW SEMMENTAL”  шарўашылық комплексинде болды. Объекттиң қурылыс жумыслары менен танысты.

Район ҳәкими М.Кайпанов тәрепинен мийманларға қурылыс жумыслары жедел пәт пенен алып барылып, жуўмақланыў алдында турған бул орынға жыл жуўмағына шекем Австрия мәмлекетинен 600 бас  нәсилли қара маллар, Германиядан “Class” комбайн, трактор ҳәм басқа техникалар ҳәмде Туркия мәмлекетинен сүтти қайта ислеўши техникалар алып келинетуғынлығы ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Соны да атап өтиў орынлы, «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары тийкарында Бозатаў районында шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша инвестиция жойбарларының мәнзилли дәстүри ислеп шығылған болып, онда улыўма баҳасы 79 млрд 678,5 млн сўмлық 37 жойбарды әмелге асырыў арқалы 156 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы нәзерде тутылған.

Буннан соң сенаторлардың район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында  район исбилерменлери менен ушырасыўы өткерилди. Онда, Президентимиздиң 4889-санлы Қарары бойынша районда исбилерменлик пенен шуғылланыўшы пуқаралар ушын белгилеп берилген қатар жеңилликлер менен таныстырды. Исбилерменлик жумысын жолға қойыўдағы  әҳмийетли қағыйдалар, бизнес режени дүзиўде итибар қаратылыўы зәрүр болған талаплар бойынша кеңеслер берилди ҳәм исбилерменлердиң машқалалары тыңланды.

Атап айтқанда,  М.Исмаилов берилген жеңилликлер тийкарында “BOZATOV XIVA AGRO” ЖШЖ шөлкемлестирип, районда заманагөй ыссыхана шөлкемлестириў ҳәм 35 гектар майданда жүзимгершиликти раўажландырыў ушын келеси жыл дәстүрине киритилген ҳалда жеңиллетилген кредит алыўда әмелий жәрдем сорады.

Бул бойынша ҳәкимликтиң жуўапкер хызметкерлери ҳәм Халық банк АКБ тийисли қәнигелерине тапсырмалар берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды. Басқа да, бир қатар исбилерменлердиң  машқалаларының шешим табылыўына ерисилди.

Күнниң екинши ярымында сенат ағзалары райондағы социаллық объектлерде болып, үйрениў жумысларын алып барды. Район орайындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң имканиятлары, жаңадан қурылып атырған объектлердеги қурылыс жумысларының барысы менен танысты. Райондағы 3-санлы МШБШ бүгинги жағдайы ҳәм гүз-қыс мәўсимине таярлық ҳалатлары көзден өткерилди.

Буннан соң,  Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы халық ўәкиллери менен ушырасып, оларға қабыл етилген қарардың мазмун-мәниси түсиндирилди ҳәм қысқа ўақыт аралығында районда әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Пуқаралардың жол, суў ҳәм тәбийий газ мәселесиндеги мүрәжатлары тыңланып, бул машқалаларды  имканият дәрежесинде шешим табыўға ерисиў бойынша келисилип алынды.


Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети