Жаслар орайында Мәмлекетлик
хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен
«Коррупцияға қарсы гүресиў-бәршемиздиң ўазыйпамыз» атамасында ушырасыў болып
өтти.
«Коррупция-қәўипли иллет» сүрени астында өткерилген илажда шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, бул иллетке қарсы гүресиў тек ҳуқық қорғаў уйымларының емес, ал, бәршениң ўазыйпасы болып табылады. БМШтың «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы конвенциясында белгилеп қойылғанындай, коррупция-бул жәмийетти түрли жоллар менен қармағына илиндиретуғын қорқынышлы иллет болып табылады.
Ол демократия ҳәм
ҳуқық үстинлиги тийкарларына зыян келтиреди, инсан ҳуқықларының бузылыўына алып
келеди, шөлкемлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа иллетлердиң раўажланыўына
тийкар жаратады.
Коррупция
жәмийеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына алып келеди ҳәм тосқынлық етип,
елимиздиң конституциялық тийкарларының бузылыўына, халықтың турмыс дәрежесиниң
жақсыланыўына қәўип салады. Соның ушын да оған қарсы гүресиў дүнья жүзиниң
барлық еллеринде әҳмийетли мәселелердиң бири болып келмекте.
Ҳақыйқатында да, нызам үстин болған ҳәр қандай жәмийетте алға илгерилеў, раўажланыў болады. Инсанларда уллы келешекке үмит ҳәм алға талпыныў туйғысы жүзеге келеди. Мәмлекетлик уйымлардың жумысында коррупцияға жол қойылыўы болса, раўажланыўға тосқынлық етип, оларға болған исенимсизликтиң артыўына себепши болады. Бул ҳаққында Президентимиз «Жәмийетимизде коррупция иллети өзиниң түрли көринислери менен раўажланыўымызға тосық болмақта»,-деп атап өткен еди.
Мәмлекетлик
хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, қалалық ҳәм
районлық мәмлекетлик хызметлер орайларда бул иллетке қарсы гүресиў бойынша бир
қатар илажлар әмелге асырылмақта. Ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте
хызметкерлерди ҳадаллыққа, пәкликке, әдалатлы болыўға шақырыўшы үгит-нәсият
жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.
Илаж соңында
коррупция жолына адасып кирип қалғанлардың аянышлы турмысына бағышланған
видеофильм қойып берилди. Бундай илажлар хызметкерлерди ҳадал мийнет
арқалы күн кешириўге, жат иллетлерден аўлақ болыўға шақырады.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
Қарақалпақстан
Республикасы басқармасының
жәмийетшилик ҳәм
ҒХҚ менен байланыслар бөлими