2020-жыл
21-ноябрь күни БМШ Раўажланыў Бағдарламасы Кола-кола фонды қаржысы есабынан
сатып алынған 165 дана кислород концентраторларын Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты
Сақлаў Министрлигине республикадағы COVID-19 кеселлигине шатылған наўқасларға
медициналық жәрдем көрсетиўи ушын саўға етти. Бул ҳаққында министрлик мәлимлеме
хызмети хабар берди.
Кислород
концентраторлары республикамыздың барлық 16 районлық емлеўханаларына ҳәм Нөкис
қалалық емлеўханасына тарқатылады.
ҚР
Денсаўлықты сақлаў министрлиги