Усы жыл
19-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде
Президентимиздиң «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын
комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы
қарарының орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған ZOOM бағдарламасы
тийкарында гезексиз коллегия мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан
Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов алып барды ҳәм ол өз сөзинде
Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўын буннан былай да
раўажландырыў, педагог қәнигелер менен қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў,
олардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ушын жаратылған шараятларға тоқтап
өтти. Соның менен бирге, тараўды буннан былай да жетилистириў, билимлендириўди раўажландырыў
бойынша қабыл етилген Президент пәрманы менен қарарының, елимизде әмелге
асырылып атырған жаслар сиясатының мазмун-мәниси бойынша да кең түрде
тоқтап өтти.
Буннан соң, Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов шығып сөйлеп,
билимлендириўге қаратылып атырған кең имканиятларға қарамастан орынларда
олардан нәтийжели пайдаланылмай атырғанлығын және 2019-2020-оқыў жылы ушын
республикамыз бойынша өткерилген мәмлекетлик билимлендириў сапасы бойынша
рейтинг көрсеткишинде айырым районлардың көрсеткиши төмен дәрежеде
екенлиги атап өтти. Бунда әсиресе, мектеп жәмәәтиниң, мектеп
директорларының өз жумысларына еле де итибарлы түрде жумыс алып барыўы
кереклиги атап өтилди.
Сондай-ақ, илаж даўамында
Президентимиздиң республикамызға болған хызмет сапары даўамында берилген
тапсырмалар ҳәм белгиленген ўазыйпалар, «Қарақалпақстан Республикасын
комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы
қарарының орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған
илажлар ҳаққында, 2019-2020-оқыў жылының жуўмақлары бойынша билимлендириў
сапасының мониторинги бойынша оқыўшылардың өзлестириўинде анықланған
бослықларды толтырыў бойынша анық, нәтийжели усыллар ҳаққында да атап өтти.
Илажда 2019-2020-оқыў жылы
жуўмағында Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билимлендириў
мектеплери питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў нәтийжелери сын көз
қарастан додаланды.
Мәжилисте билимлендириўдиң
сапасын арттырыў, мектеплердиң қыс мәўсиминде турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў
ҳәм 2020-2021-оқыў жылында 11-класс питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына
кириў көрсеткишлерин еле де көтериўге байланыслы анық ўазыйпалар белгилеп
алынды.
Буннан соң министрликтиң улыўма
билим бериў мәкемелери жумысларын муўапықластырыў бөлими баслығы М.Асаматдинов
сөзге шығып, улыўма орта билимлендириў мектеплериниң 11-класс питкериўшилерин
жоқары оқыў орнынларына кириў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, мектеп
директорлары ҳәм муғаллимлерине өз питкериўшилериниң келешегине әҳмийетли
қатнас жасаў бағдарындағы механизмди жолға қойыў ўазыйпаларына тоқтап өтти.
Коллегия мәжилисинде әмелге
асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған
тийисли усыныслар ҳәм тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги