1923-жылдың 21-ноябрь
сәнесинде, сол ўақыттағы Әмиўдәрья областы атқарыў комитети президиумында,
"Добролет" жәмийети ўәкили М.П. Петровтың "Аэродром
ҳаққында" есабаты тыңланады. Президиумда сызылмалар ҳәм жойбарлар көрип
шығылганнан соң, Өлшеў режеси ҳам шегараларға муўапық, жер участкасы «Добролет»
акционерлик жәмийетине тапсырылады.
Сол ўақытта Орыс ҳүкиметин, Қарақалпақстан менен ҳаўа жолы
арқалы байланыстырыў оғада әхмийетли еди. Солай етип, аэродром қурылыс
жумысларын тезлетиў мақсетинде, зәрүрли жумысшы күши жеткерип бериледи.
Нәтийжеде 1924-жылдың 19-май куни аэродромның жер участкасын жойбарлаў
жуўмақланып, Төрткул аэродромы Әмиўдарья дельтасы ҳәм де Жаңа Бозжап каналы
ортасына салынатуғын болады. Оның жер майданы 150-200 саженге тең болған (1
сажен 2,13 метрге тең).
Усылайынша 1927-жылы Қарақалпақстанда ҳаўа транспорты пайда
болады. Усы жылы Шаржаў-Төрткул-Жаңа Ургенш ҳәм Мойнақ жөнелислери бойынша
жолаўшыларды ҳәм почта байланысларын тасыў ушын, авиакомпания рейси
шөлкемлестириледи.
1935-жылы Қарақалпақстандағы аэродромлар қурылысына жәрдем
бериў ушын, Орта Азия пухаралық флоты басқармасынан, шегирткелерге қарсы
гүресиў бойынша инженер Рубо В ҳам аэродром қурылысы инженери Бабковскийлер
жиберилген.
Нөкис аэродромын салыў ушын, қалаға жақын болған жер майдан
таңлап алынады (сол ўақыттағы Куйбишев атындағы колхоз). Аэродром салыў
Бабковский менен Рубко басшылығында әмелге асырылады. Колхоздағылар аэродромды
жойбарлаў, тазалаў ҳам қурылыс ислерине белсене қатнасқан, нәтийжеде режедеги
қурылыс жумыслары мүддетинен алдын жуўмақланған. 1939 жылдың жазында,
шегирткелерге қарсы гүресиўши ПО-4 самолёты Қарақалпақстанның болажақ пайтахты,
Нөкис қаласы аэродромына келип қонады.
Пайтахт – Нөкис қаласына көширилгеннен соң, Нөкис аэродромы
аўқамлас әҳмийетке ийе, ҳаўа линиясының тийкарғы базасына айланады. Нөкис
аэропорты ҳәмде перифериялық аэродромларды салып, оларды үскенелер менен
тәминлеў ушын үлкен муғдарда қаржы жумсалған. 1960-жылдан баслап Нөкис
бирлескен ҳаўа отрядына ПО-2, Як-12, Ан-2, Ли-2, Супер-Аэро-15 самолётлары
жиберилип, техник хызмет көрсетиўши кадрлар келеди.
1965 жылдан баслап Үстүрт тегислигин үйрениў бойынша
жумыслар басланады, бул болса Қарақалпақстанда авиацияның жедел раўажланыўына
түртки болды. Ан-2 самолётлары экспедиция топарларына хызмет етиў ушын, ҳар
күни 10-15 рейсти әмелге асырған. Сондай-ақ, Ташкенттен Нөкис арқалы – Москва,
Минеральные воды, Аральск, Актюбинск қалаларына арнаўлы рейслер ашылған.
1969-жылы аэропорт терминал комплекси пайдаланыўға тапсырылады. 1975-жылы болса
Tу-154, Ил-62 сыяқлы реактив самолётлар пайда болады, бирақ Нөкис аэропорты
оларды қабыллай алмаған. Сол себепли Tу-154, Ил-62, Ил-86, Ил-76 сыяқлы
самолётларды қабыллай алатуғын, ушыў-қоныў жолын салыўға зәрүрлик пайда болады.
1980-жылда узынлығы 3000, ени 48 метр болған темир-бетонлы,
ПАГ-18 плиталарынан жасалған жаңа ушыў-қоныў жолы пайдаланыўға тапсырылған. Бул
жол аэропортқа 30 жылдан аслам ўақыт даўамында хызмет етти.
Ғәрезсизликтен соң, Өзбекстан Республикасы Президентиниң
1992-жыл 28-январдағы ПП-326-санлы пәрманына муўапық "Ўзбекистон ҳаво
йўллари" миллий авиакомпаниясы шөлкемлестириледи. Соң Boeing, Airbus
сыяқлы сырт еллерде ислеп шығарылған жаңа самолётлар сатып алынады. Бул болса
және, ушыў-қоныў жолын тазадан салыў зәрүрлигин келтирип шығарды. Бул мәселени
шешиў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти И.A.Каримов 2010-жылдың 21-декабр
сәнесинде ПП-1446-санлы пәрманға қол қояды. Нөкис аэропортында - қурылыс
жумыслары қысқа ўақыт ишинде жуўмақланып, 10 айдың ишинде халықаралық
стандартларға толық жуўап беретуғын, жаңа ушып-қоныў жолы салынады. Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 21-июндағы 178-санлы
"Ташкент, Самарканд ҳәм Нөкис қалалары аэропортларын халықаралық рейслер
ушын ашыў ҳаққында"ғы қарары менен Нөкис аэропортына "Нөкис
халықаралық аэропорты" статусы бериледи.
Сүўретлер - Өзбекстан Республикасына
хызмет көрсеткен транспорт хызметкери, Қарақалпақстан Республикасына хызмет
көрсеткен инженер, Қарақалпақ миллетиниң биринши ушқышы, Аэрофлот ағласы Байрон
Таженовтың «Пәрўәз» мемуар китабынан алынған.
Мағлыўмат, Аэропорт архивинен
алынды.