Қанлыкөл районы Мәҳәлле ҳәм
шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тараўларында хызмет етип атырған бир қатар
хызметкерлер пандемия дәўириндеги белсендилиги, бийғәрез инсаныйлық жәрдемлер
көрсетиўдеги үлеслери ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл
26-майдағы Пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген "Mеҳир-саҳоват» көкирек
белгиси менен сыйлықланды.
Сыйлықлаў мәресимине район ҳәкими
А.Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығыныӊ
орынбасары-Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм
мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты.
Онда С.Турманов тараў белсендилерине
көрсетип киятырған хызметлери ушын өз алғысын билдирип, тапсырылған көкирек
белгисин Президентимиздиң бәршемизге билдирген үлкен исеними, деп атап өтти.
Районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети