Бүгин Шымбай
районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы
Халық қабыллаўханасы шөлкемлестириўинде Республикалық 4 сектор, министрлик ӽәм
шөлкемлерден жуўапкерлердиң қатнасыўында көшпели қабыллаў болып өтти.
Дәслеп
жаслардың пикир-усыныслары ҳəм
машқалалары тыңланып, оларды ҳəр
тəреплеме үйренип шығыў менен бирге тийисли тəртипте сапластырыў бойынша көрсетпелер
берилди.
Көшпели
қабыллаўда физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 43 мәселе келип түсип, 11
мүрәжат орнында унамлы шешилди. 14 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник берилиди.
Сондай-ақ,18 мүрәжат бойынша тийисли мәкеме басшыларына көрсетпелер берилип,
Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.