22.12.2024, Екшемби

Мийнет ветеранына «Ардақлы нураный» көкирек белгиси тапсырылды

Ишки ислер уйымларында көп жыл пидайылық пенен хызмет еткен ҳәм бир неше шәкиртлер таярлап шығарған тараў ветеранлары бүгин ҳүрмет-иззетте. Мине усындай инсанлардыӊ бири Жаӊабай Шылманов быйыл 80 жасқа толмақта.



Елимизде тынышлықты, турақлылық  ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўдеги көп жыллық хызметлери, жасларды ана Ўатанға садықлық  руўхында тәрбиялаў, жоқары маман кадрларды таярлаў ислерине қосқан  мүнәсип үлеслери ҳәмде жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын, сондай-ақ, 80 жасқа толыўы мүнәсибети менен мийнет ветераны Ж.Шылманов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Усы мүнәсибет пенен 16-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов нураный атамыздың шаңарағында болып, оны қутлы 80 жасы менен қызғын қутлықлап, «Ардақлы нураный» көкирек белгисин ҳәмде саўғаларды тапсырды.

Соныӊ менен бирге, Ишки ислер министрлигиниӊ шыпакерлери тәрепинен нураный атамыздыӊ саламатлығы көриктен өткерилди.

 

 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ баспасөз хызмети