22.12.2024, Екшемби

Жерден пайдаланыўда жаңа ашық-айдын механизмниң нәтийжелиги


Баршемизге мәлим, бүгинги күнде Өзбекстан Республикасының  социал - экономикалық раўажланыў реформасы барысында, ең баслысы ҳалқымыздың турмыс шараятын жақсылаўға қарата көплеген иләжлер әмелге асырылмақта, сол қатары исбилермен субъектлеринеде кең еркинлик берип, оларға қолай шараятлар жаратыў арқалы көплеген унамлы натийжелерге ерисиўдиң гуўасы болмақтамыз.

Мине сол принципке муўапық, Ҳүрметли Президентимиздиң 2019-жыл 26-августтағы  4427-санлы «Аўыл хожалығына мөлшелленбеген бос турған жер участкаларын бериў ҳәмде архитектура-қурылыс жумысларын әмелге асырыўдың тәртип-қағыйдаларын жәнеде жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрьдеги 1023-санлы «Исбилерменлик ҳәм қалақурылысы жумысларын әмелге асырыўда, жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы бериў тәртиби ҳаққында»ғы қарарлары менен белгиленген тәртиплерге муўапық мәмлекетимизде исбилерменлик ҳәм қала қурылыс ислерин әмелге асырыўда жерлерден турақлы пайдаланыў, ислеп шығарыў ҳәм социаллык аҳмийетге ийе болған объектлерди туўры жайластырыў бойынша ис-иләжлер избе-изликте әмелге асырылмақта.                                      

Соның менен бирге, бул қарарлардың қабыл етилиўинде тийкарынан себеп болған бул:                      

Бириншиден: Алдынғы ўақытлары жер участкаларын бериў тәртип-кағыйдаларының анық болмаўы, көпшилик аўыллық пунктлериниң тастыйықланған бас режелери ҳәмде ески ҳәм заманагөй талапларға жуўап беретуғын  қала қурылыс норматив хүжжетлериниң ийе емеслиги, соның менен аўыллық пунктлердиң перспективада раўажланыўын есапқа алып, оларды комплекс қурыў тәртиплерине әмел етпегнликтен, ҳәзирги заманагөй архитектуралық көринисине кери тәсир етиў нәтийжеси ақыбетинде, бүгинги күнде көплеген курылыс объектлердиң бузылыўына себеп болған.

Екиншиден: Ўәкилликли органлар ислеринде жер участкаларын бериў материалларын көрип шығыў ҳәм келисиўде мәлимлеме-коммуникация технологиялар имкәниятларынан пайдаланбағанлығы себебинен, рухсат етиўши ҳүжжетлерди рәсмийлестириў мүддетлериниң себепсиз созылып, исбилермен субъектлери бюрократлық тосықларға ушыраған.

Бул себеблер ақыбетинде ўәкиликли органлардың өз мәплеринен пайдаланған халда  коррупцион иллетин келип шығыўына, соңың менен аймақлардын заманагөй архитектуралық көринисин жаратыў ҳәм әлбетте исбилерменликти раўажландырыўда кери тәсирин тийгизген.                        

Әсиресе, Президентимиздиң виртуал ҳәм ҳалык қабыллаўханаларына, жер участкаларды бериўдеги нызам бузыўшылықлар яки оларды тийкарсыз алып қойыў ҳәмде жер участкаларын бериў тәртиби, тийисли дәрежеде жолға қойылмағанынан көплеген мүрәжетлер түскен.     

Усыған байланыслы исбилерменлик ҳәм қала қурылыс ислерин әмелге асырыў ушын жер участкаларын бериў механизмлерин түптен жетилистириў, соның менен, исбилерменлик субъектлери менен өз ара қатнасықларда бюрократик тәртиплер ҳәм тосықларды қысқартырыў арқалы коррупцион иллетинда жоқ етиў мәқсетинде усы Нызам менен жаңа ашық – айқын механизимлер еңгизилди.

Усы жана тартипке муўапык исбилерменлик ҳәм қаласазлықты жүритиў ушын, бос турған жер участкаларын бериў тәртиплери жетилистирилип, буннан былай  жер участкаларын таңлаў материалларын таярлаўда, ўәкилликли органлардан келисим ҳәм жуўмақлар алыў тек ғана YERELEKTRON автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы электрон тәризде әмелге асырылады. Соның менен бир қатарда қурылыс министрлигиниң аймақлық бөлимлери тәрепинен жер таңлаў материалларын таярлаў процессинде,  жер участкада қурылысқа рухсат етилетуғын яки қурыўға болмайтуғын объект түрлерин белгилеп, архитектуралық-жобалаў тапсырмасыда ислеп бериледи.

Алдынлары жер участкалары аукционға шығарылғанда онда қурылатуғын объект түри анық белгиленип қойылатуғын еди, ал енди болса, қурыўға рухсат етилетуғын бир неше объект түрлери белгиленип қойылатуғын болды.   

 Натийжеде электрон аукцион жеңимпазларына архитектуралық-жобалаў тапсырмасы ҳәм жер участкасына болған ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын, бөлек арза менен мүрәжат етиў әўерегершилигине шек қойылды.

Соның менен бир қатарда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы кадастр агентлиги тәрепинен және бир қолайлық жаратыўда бул E-KADASTR.UZ ашық электрон порталының иске түсирилиўи.

Усы порталдың қолайлығы неден ибарат: бул портал бос жер участкалардың ашық картасы болып, онда республикамыздың барлық қала ҳәм районларында анықланған бос жер участкалары жайластырылған болып, исбилермен субъектлери усы порталда ийе болған бос жер участкаларын таңлаўы, сондай-ақ өзи анықлап, қызыққан бос жер участкасын онлайн саўдаға қойыўда, бул жер участкаларына анық инвестиция мәжбүриятлары ҳәм онда қурылатуғын объект ҳаққында мағлыўматларды киритип, электрон – онлайн картаға белгилеп усыныслар киритиўи мүмкин.

Бул усыныслар Қарақалпақстан Республикасы кадастр палатасының аймақлық филиаллары тәрепинен бес жумыс күни ишинде үйренип шығып, нәтийжеси унамлы болғанда, усы порталға жайластырады.     

2020-жылдың өзинде усы күнге шекем жоқарыда айтылған жаңа тәртипке муўапық кәрханамыз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1 980нен аслам бос жер орынларын анықланып «YERELEKTRON» системасына киритилген болса, соннан 1 513 жер орын “E-AUKSION” электрон-онлайн саўдасына қойылыўы нәтийжесинде, бүгинги күнде исбилерменлик субъектлери тәрепинен улыўма майданы 40 гектарға тең 731 жер орынды турақлы пайдаланыў ҳукықы менен алыўға мияссар болды.  

Демек бул жер орынларға 245 млрдтан аслам инвестиция мәжбүрияты жумсалаўы ҳәм  2 560 қа жақын жаңа жумыс орынлары жаратылып, ҳалыктын бәнтлигин тәмийнлениў арқалы, олардың турмыс шараятын жақсылаў менен Республикамыздың социал-экономикалық раўажланыў көрсеткишиде өсиўи анық.

 

 

Арыслан Аллияров

Мәмлекетлик кадастрлар палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары