ЮНЕСКО Бас конференциясының
1995-жыл 16-ноябрде өткерилген 28-сессиясында қабыл етилген «Кеңпейиллик
принциплери декларациясы» дүньяда тынышлық ҳəм татыўлықты тəмийинлеў инсан
ҳуқықлары ҳəм еркинликлериниң кепиллигин, тең ҳуқықлық жəне өз-ара бирге
ислесиў қатнасықларын раўажландырыў жолындағы əҳмийетли адым болып хызмет
етпекте.
Сонлықтан барлық мəмлекетлер
қатары бизиң елимизде де 16-ноябрь «Миллетлерара татыўлық күни» сыпатында кең
белгиленеди.
Елимизде социаллық-экономикалық ҳəм
сиясий тараўларда ғана емес ал, топырағымызда жасап киятырған түрли миллет ҳəм
елатлардың арасында дослық байланысларын жəне де беккемлеў, диний кеңпейиллик
принциплерин қарар таптырыўға да айрықша итибар қаратылып келинбекте.
Бүгинги
күнде кеңпейиллик инсаният тəрепинен ерисилген ең үлкен жетискенликлердиң бири
есапланады. Сондай-ақ, ол раўажланыў ушын да əҳмийетли фактор болып хызмет
етеди.
Ɵзбекстанда
кеңпейиллик сиясаты себепли ҳəзирги ўақытта бир пүтин шаңарақ болып жасап
киятырған 130 дан аслам миллет ўəкиллерине өз ана тили, үрп-əдет ҳəм салт-дəстүрлерин
раўажландырыў ушын да барлық шараятлар жаратылмақта.
Пуқаралардың ана тилинде билим
алыў имканиятын тəмийинлеў мақсетинде жаратылған имканиятлар нəтийжесинде мəмлекетимиздеги
билим бериў мəкемелери менен ғалаба хабар қураллары өзбек, қарақалпақ, рус,
қазақ, қырғыз, тəжик ҳəм түркмен тиллеринде жумыс алып барып атыр. Бул өз
гезегинде халықаралық жəмийетшилик тəрепинен унамлы қабыл етилмекте.
Сондай-ақ, мəмлекетимизде миллий мəдений орайлардың
басламаларын қоллап-қуўатлаў, миллети, дини ҳəм исенимине қарамастан пуқаралар
санасында көп миллетли бир пүтин шаңарақ сезимин беккемлеўге жоқары итибар
қаратылмақта.
Ɵйткени миллетлерара татыўлық ҳəм дослық раўажланыўдың
баслы факторы болып хызмет етеди.
ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети