"Жаңа
Өзбекстан - жаңаша дүньяқарас" атамасындағы мәдений, кеўил ашар, байрам
илажлары Бозатаў районындада көтериңки руўыхта даўам етпекте. Республикамызға
белгили шайыр жазыўшылар, илимпазлар, атақлы қосықшылар ҳәм спортшылардан
дүзилген үгит-нәсият топарын ҳәр бир пуқаралар жыйынларында халқымыз кеүилли күтип
алмақта.
Қарақалпақ
мәмлекетлик университетиниң «инсан ҳуқықлыры,
мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў» кафедрасының үлкен оқытыўшысы Р.Каукышев ,
Ташкент аграр университети Нөкис филиалы «аўыл хожалығын механизациялаў ҳәм
инвестициялық искерлик» кафедрасы баслығы Р.Садықов ҳәм «гуманитар пәнлер»
кафедрасы баслығы Б.Бекимбетовлар елимизде әмелге асырылып атырылған
реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшилликке әпиуайы тилде, халыққа
түсиникли етип жеткерип бермекте.
Ең
баслысы халқымыздың жүзиндеги қуўаныш, ертеңги күнге деген беккем исенимди
оятыў бул илажлардың баслы мақсети болды.