Бәршемизге белгили, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиӊ
басшылығында әдил судлаўды тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм коррупцияға қарсы
гүресиў бағдарындағы илажлар жаӊа басқышларға көтерилип бармақта.
Ҳакыйқатында да, соңғы жыллары елимизде суд ҳәм басқа тараўларда алып
барылып атырған түпкиликли реформалар, нызамшылыққа киргизилип атырған қосымша
ҳәм өзгерислер өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.
Усы жылдың 30-июнь күни Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиӊ басшылығында
елимизде әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы
ўазыйпаларды додалаўға арналған видеоселектор мәжилисинде бул бағдарда
әмелге асырылып атырған жумысларды және де жеделлестириў бойынша анық
ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Мине усы мәжилис протоколында белгиленген тапсырмалардыӊ орынланыўын
тәмийинлеў мақсетинде Олий Мажлис Сенатында дүзилген исши топар тәрепинен
Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық
профилактикасын және де жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан
жырақ аймаққа айландырыў бойынша 70 бәнттен ибарат, 13 жөнелис бойынша “Жол
карта”сыныӊ жойбары ислеп шығылған.
12-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде усы «Жол
карта»сын додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.
Илажда Олий Мажлис Сенаты ҳәм исши топар ағзалары, Жоқарғы Кеӊес
депутатлары, ҳүкимет ағзалары, ҳуқуққорғаў уйымлары, тийисли министрлик,
шөлкемлердиӊ басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов
кирис сөз бенен ашты.
Буннан соӊ Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ Баслығы Т.Нарбаева
сөзге шығып, ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында Қарақалпақстан
Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты қыйнап киятырған
машқалаларды шешиў, турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша алып барылып атырған
ийгиликли ислерди, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасын 2020-2023-жылларда
комплексли раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылғанлығын айрықша атап
өтти. Соныӊ менен бирге, елимизде әдил судлаўды тәмийинлеў, коррупцияға қарсы
гүресиў, жынаятшылықтыӊ алдын алыў бағдарында алып барылып атырған илажларға
тоқтап өтип, жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша ҳуқыққорғаў уйымлары менен
биргеликте басқа да мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, системада
жүзеге келген машқалаларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берди.
Буннан кейин сөзге шыққан исши топар ағзалары «Жол карта»сында белгиленген ўазыйпалар бойынша толық түсиник берип, өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирип өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ баспасөз хызмети
М.Ҳабибуллаевтыӊ түсирген сүўретлери