Мəмлекетимиз басшысы тəрепинен 2020/2023-жылларда Қарақалпақстан
Республикасын комплексли түрде социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў
бойынша қарар қабыл етти.
Ҳүжжетте Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша көплеген дəстүрлерди
əмелге асырыў белгиленген.
Қарардан Қарақалпақстан Республикасының қала ҳəм районларының
өсиў ноқатлары (драйвер тараўлары), социаллық-экономикалық раўажланыў дəрежеси аўыр
болған қала ҳəм районларды раўажландырыў бойынша мақсетли көрсеткишелер,
2020/2023-жылларда жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша мақсетли көрсеткишлер ҳəм
басқа мəнзилли дизимлер менен инвестициялық жойбарлар орын алған.
Ендигиден былай Қарақалпақстанда жумыс алып барыўшы исбилерменлик субьектлери ушын бир қатар имканият ҳəм жеңилликлер бериледи.
Социаллық-экономикалық жақтан раўажланыў дəрежеси төмен
болған Тахтакөпир, Бозатаў ҳəм Шоманай районларында жаңадан
шөлкемлестирилетуғын санаат бағдарындағы исбилерменлик субьектлери 2024-жылдың
1-январына шекем жер ҳəм мүлк салығы, киши кəрханалар айланысынан алынатуғын
салық, жеке тəртиптеги исбилерменлердиң дəрамат салығын төлеўден азат етиледи. Сондай-ақ,
пайда салығы ҳəм суў салығын төлеў əмелде белгиленген муғдардың 50 пайызы
муғдарында əмелге асырылады.
Қарақалпақстан Республикасындағы шараяты аўыр болған 45 мəҳəлле
ҳəм аўылда жаңадан шөлкемлестирилетуғын хызмет көрсетиў бағдарындағы
исбилерменлик субьектлерин 2026-жылдың 1-январына шекем пайда салығын, жер ҳəм
мүлк салығын, киши кəрханалар айланысынан алынатуғын салықтан ҳəм жеке тəртиптеги
исбилерменлердиң дəрамат салығын төлеўден азат етиў жеңиллиги қолланылады.
Бизнес жойбарлар социаллық-экономикалық жақтан раўажланыў дəрежеси
төмен болған Тахтакөпир, Бозатаў ҳəм Шоманай районларына, шараяты аўыр болған
45 мəҳəлле ҳəм аўыл аймақларына сондай-ақ, өсиў ноқаты деп белгиленген
экономикалық искерлик бағдарлары бойынша тийисли районларға жайластыралады.
Қарар менен Қарақалпақ еркин экономикалық зонасы ҳəм Мойнақ районында
өз алдына атамаға ийе туристик кеўил ашар зонасы шөлкемлестириледи.
2021-жылдың 1-шерегиниң жуўмағына шекем Қарақалпақстанда
теплицаларды шөлкемлестириў ҳəм шарўашылықты раўажландырыў ушын халықаралық
финанс институтларының 120 миллион доллар муғдарындағы кредит линиялары
қаратылады.
Дəстүрде белгиленген ис-илəжлардың əмелге асырылыўы нəтийжесинде
ишимлик суўы менен тəмийинлениў дəрежеси 61,5 пайыздан 70,1 пайызға жеткериледи.
Электр энергиясы тəмийнаты 1,5 млрд кВт/сааттан
2,1 млрд кВт/саатқа көбейтиледи.
Қарар менен 32 медицина мəкемелерин қурыў ҳəм реконструкциядан
шығарыў нəтийжесинде олардағы орынлар саны 7100 ге жеткериледи, 253 көп қабатлы
заманагөй турақ-жайлар қурылады соның менен бирге жас шаңарақлар ҳəм кем тəмийинленген
шаңарақлар ушын 36 арзан турақ жайлар қурылады.
«Темир дəптер»ге киргизилген 19 мың 700 пуқара, «Жаслар дəптери»не
киргизилген 14 мың жаслар, «Ҳаяллар дəптери»не киргизилген 8 мың 400
ҳаял-қызлар ҳəм мийнет миграциясынан қайтқан 9 мың пуқара жумыс бенен тəмийинленеди.
ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети