Ташкентте велосипед алыўға жыйнаған пулына коронавирус пенен наўқасланған
анасын емлеткен балаға министрлик велосипед
саўға етти.
ƟзА тəрепинен
коронавирус кеселлиги менен наўқасланған шаңарақ ҳаққында видеорепортаж
таярланған еди. Онда Шоҳиста Абдумавлонованың баласы менен бирге вирусқа
қарсы гүресиўи ҳаққында сөз етилген.
Видеокөринисте баланың
спортқа қызығыўшылығы бар екениде баян етиледи. Оның айтыўынша, вилосипед алыў
ушын жыйнап қойған пулын дəри алыўға сапрлаўға мəжбүр болған.
Бул шаңарақ
Денетəрбия ҳəм спорт министрлигиниң нəзерине түскен. Сол себепли министрлик балаға
вилосипед саўға етти.
Сондай-ақ, оның
қызығыўшылықларын есапқа алып министрлик оны Балалар ҳəм өспиримлер спорт
мектебине қабыл етиўге ўəде берди.
Аўдарма: ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме
хызмети